Ҳүкиметлик қарар тийкарында миллий транспорт басқарыў гүўалығын бериў тәртиби ҳаққындағы нызамшылыққа қосымша киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

 

Уставқа киргизилген қосымшаларға муўапық, гүўалықларды алмастырыўда төмендегилерди талап етиў қадаған етилди:

– транспорт басқарыўшының имтихан қағазы;

– миллий гүўалықты берген ЖҲҚБ тастыйықнамасы;

– медициналық мағлыўматнама;

– транспорт қуралын 12 ай басқарғанын тастыйықлайтуғын ҳүжжет.

 

Яғный, 2020-жылы 31-декабрьге шекем миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа гүўалықларға алмастырыў ушын паспорт ҳәм ески үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығы және оның талоны ғана усынылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.