Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультети 3-курс студенти Равшанбек Аминов усы жылдың 26-февраль – 2-март күнлери аралығында Россия Федерациясының Йошкар-Ола қаласында спорттың бокс түриниң «Б» классы бойынша IV Регионлар аралық турниринде бронза медалын қолға киргизди.

Турнирге Россия Федерациясының барлық аймақларынан, соның менен бирге ҒМДА мәмлекетлеринен 90 ға шамалас спорт шеберлери қатнасты. 1979-жылдан 2000-жылға шекемги туўылған спортшылар арасында өткерилген турнирде институт студенти 60 килограмға шекемги салмақта сыйлы 3-орынды ийеледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.