Өзбекстанда үш жыллық мүддетке берилетуғын көп мәртелик визаны рәсмийлестирип бериў ушын консуллық төлем муғдары орнатылды, деп жазады Дарё.

Өзбекстанға көп мәртелик кирип-шығыў ҳуқықын беретуғын үш жыллық мүддетке ийе болған визаны алыў 350 доллар болады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанға 8500 ең кем мийнет ҳақыдан аз болмаған муғдарда (акция ҳәм хожалық жәмийетлериндеги үлеслерин сатып алған, сырт ел кәрханасын дүзген) сырт еллилер ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар 3 жыллық көп мәртелик визаны рәсмийлестириўи мүмкин.

Бундай виза мүддетин шегараланбаған муғдарда, Өзбекстаннан шығып кетпеген ҳалда узайтыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги