Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде әзиз ҳәм қәдирдан ҳаялды улығлаў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы тутқан орнын және абырайын арттырыў, ҳаял-қызларымыздың шанарақларда мәнаўий әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында, саламат ҳәм руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформаларды табыслы әмелге асырыў ҳәм халықтың абаданлығын жоқарылатыў бойынша үлкен хызметлерин мүнәсип қәдирлеў мақсетинде аўыл хожалығы, санаат, исбилерменлик, илим-техника, инновация, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, көркем өнер ҳәм басқа да тараўларда айрықша баслама көрсетип, нәтийжели мийнет етип атырған бир топар ҳаял-қызларымыз ҳүрметли атақлар, орден және медальлар менен сыйлықлансын:

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

 

Абдирова Тазахан  Мамбеткаримовна –  «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиниң цех аппаратшысы

 

«Дўстлик ордени» менен

 

Даўлетова Гүлистан Өтемисовна – Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр

 

Кошымбетова Қутлы Абдуллаевна – Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы

 

Өзбекстан Республикасы

 

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

 

2019-жыл 6-март