Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде меҳрибан ҳаялға мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетиў, олардың жәмийетимиздеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, өзиниң таланты ҳәм ибратлы жумысы менен жасларға өрнек болып киятырған, ҳәр қыйлы тараўлар менен тармақларда қәбилетин ҳәм имканиятларын жүзеге шығарып атырған, жәмийетлик турмыста белсендилик ҳәм инта көрсетип атырған қызларды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде және Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы 1999-жыл 10-июньдеги ПП-2326-санлы ҳәм «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 2-февральдағы ПП-5325-санлы Пәрманларына тийкарланып:

  1. Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли қызлары6 айрықша минез-қулқы, теңсиз таланты, зийреклиги, инталылығы, оқыўдағы табыслары және билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысларда ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында лауреатлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатларының ҳәр бирине ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы жумысы, олардың айрықша талантын ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Т.Норбоеваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 2-март                                                *   *   *

 

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2019-жыл 2-марттағы

ПҚ-4218-санлы қарарына қосымша

 

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлардың ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

Қаипназарова Сапура Жалгасбай қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти

Тулиева Сарвиноз Абдулла қызы – Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы жанындағы Төрткүл академиялық лицейиниң 3-басқыш оқыўшысы

 

ӨзА