Нью-Йорктағы Эйнштейн атындағы медициналық колледждиң илимпазлары Эболаға қарсы вакцина ислеп шығылғанын мәлим етти, дейиледи  Daily Monitor Uganda хабарында. Эболадан тәўир болған адамның денесинен алынған клеткалар тийкарында таярланған вакцина бул кеселликтиң адамға тән үш микроденесин зыянсызландыра алады.

Профессор Картик Чандран усы кеселликке байланыслы «Ахиллес табаны» табылғанын мәлим етти. Эболаға қарсы буннан алдын жаратылған вакцина кеселликтиң адамдағы бир ғана микроденесин зыянсызландыра алатуғын еди.

ӨзА