Ташкентте 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимиз ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап, оларға терең ҳүрмет ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди.

– Бүгинги қуўанышлы әйяямда дүньяда «пидайы» деген сөзге ең мүнәсип болған Ана образы алдында тәжим етемиз. Өмиримиз қуўанышы, шаңарағымыздың көрки болған әзиз ҳаял-қызларымыздың мәнзилине ең жақсы тилеклеримизди тилеймиз. Ҳаял образы Жаратқанның теңсиз әжайыбаты болып келген ҳәм бәрқулла сондай болып қалады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Халықтың разылығы ең алды менен, ҳүрметли аналар, ҳаял-қызлардың разылығы менен байланыслылығы, олардың саламат болып, бахытлы жасаўын тәмийинлеў барлық реформалардың тийкарғы мақсети ҳәм өлшеми екенлиги атап өтилди.

Елимиз ҳаял-қызлары перзентлер тәрбиясы, шаңарақлық турмыстағы пидайылығы менен жәмийетимиздиң беккемлиги ҳәм ертеңги күнине тийкар жаратпақта. Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм тәрбия, илим, мәденият, көркем өнер, санаат ҳәм басқа тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң раўажланыўына теңсиз үлес қоспақта.

Президентимиздиң 2019-жыл 7-март күни қабыл етилген «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы буның мүнәсип көриниси болды. Пәрманға муўапық, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыў, саламат ҳәм баркәмал әўладты тәрбиялаў, шаңарақларды беккемлеў бағдарындағы мүнәсип хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызлар Ўатанымыздың жоқары дәрежели атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Олардың арасында белгили илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылардың садық өмирлик жолдаслары да бар екенлиги айырықша итибарға ылайық.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының 2-марттағы қарарына муўапық жигирма сегиз белсенди қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған еди.

Илажда усы жоқары дәрежели сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

– Сизлердиң усындай болып ашылып, өмирден разы болып жүриўиңиз ушын, сизлердиң бахыт-ығбалыңыз ушын бәрқулла шын кеўилден хызмет етиўге тайынбыз. Мине усындай қуўанышлы күнлеримиз көп болыўын қәлеймиз, – деди Президент.

Бүгин Шавкат Мирзиёев және бир әҳмийетли ҳүжжет – «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин еле де күшейтиў ҳәм исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Онда ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, турмыслық ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў бойынша комплексли ўазыйпалар белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген ҳаял-қызлар, ҳәр қыйлы министрлик ҳәм ведомостволар ўәкиллери толы дастурхан әтирапында байрамды белгиледи. Илажда елимизде жумыс алып барып атырған сырт елли дипломат ҳаяллар, атап айтқанда, Франция Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы елшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ҳәр қыйлы ўәкилханаларының басшылары да қатнасты.

Ҳаял, мийрим, муҳаббат улығланған концерт бағдарламасы ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги