Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәденият сарайында Арқа-батыс әскерий округи оркестри «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамына арнап институттың ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-қызлары ушын байрам концертин шөлкемлестирди.

Байрам кешесинде 21131-санлы әскерий бөлим командириниң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумыслары бойынша мәсләҳәтшиси, мәденият орайының баслығы М.Нураев сөзге шығып, барлық ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди.

Кешеде әскерий округ оркестри ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң көркем өнер шеберлери атқарыўындағы байрам концерти жыйналғанлар нәзерине усынылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.