USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН – РОССИЯ: ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ РАЎАЖЛАНБАҚТА

Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министри Вероника Скворцова басшылығындағы делегация елимизге келди.

Сапар етиў шеңберинде 6-март күни Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодманов делегация ағзалары менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында медицина, тараўда заманагөй кадрлар таярлаўдағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы перспективалы жойбарлар додаланды.

Елимизде медицина тараўын жетилистириўге мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралады. Кейинги жылларда бул системада халықаралық нормаларды енгизиў, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў бағдарында түпкиликли өзгерислер алып барылмақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы менен тастыйықланған 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясын әмелге асырыўда россиялы шериклер белсене қатнаспақта. Бунда жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер әҳмийетли орын ийелейди.

Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министри Өзбекстанда мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыўдағы тәжирийбелер менен реформаларды жоқары баҳалады. Россия тәрепи тәжирийбе алмасыў, денсаўлықты сақлаў тараўында кадрлар таярлаў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Делегация ағзалары Республикалық қәнигелестирлген хирургия орайында болып, мәкемениң жумысы менен танысты.

Бүгинги күнде орайда жүрек, баўыр ҳәм басқа да ағзаларда хирургиялық әмелиятлар өткериледи. Кардиохирургия бойынша көрсетилип атырған хызметлер мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Сондай-ақ, мийманлар «Akfa Medline» медицина орайы мысалында елимизде қәнигели медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, кеселликлер профилактикасы, патронаж ҳәм скрининг хызметлерин заманагөй дәрежеге көтериў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар менен де жақыннан танысты.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министри Вероника Скворцова менен ушырасыў болып өтти.

4.JPG

Сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасында медицинада кадрлардың қәнигелигин арттырыў бойынша нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғаны атап өтилди. Өзбекстанлы шыпакерлердиң Россияның жетекши медицина мәкемелеринде маманлығын арттырыўы шөлкемлестирилип атырғаны, тараўда алдыңғы технологияларды қолланыў, диагноз қойыў ҳәм емлеў, қурамалы хирургиялық әмелияттағы тәжирийбе алмасыўға қаратылған шеберлик сабақларын өткериў турақлылыққа ийе екени атап өтилди.

Бүгинги күнде қәнигелестирилген медицина орайлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў жедел даўам етпекте. Келеси оқыў жылынан баслап мәмлекетимизде И.М.Сеченов атындағы Москва мәмлекетлик медицина университетиниң филиалын ашыў режелестирилген. Шөлкемлестирилетуғын қоспа факультетлерде бакалавриат, магистратура ҳәм клиникалық ординатура билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярланады.

Медицина тараўын қаржыландырыў, логистика, денсаўлықты сақлаў системасын цифрлы басқарыўға өткериў, ҳүкимет дәрежесинде қабыл етилип атырған бағдарламалардың әҳмийети ҳаққында сөз болды.

Делегация ағзалары республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық жәрдем мәкемелери және медициналық жоқары оқыў орынларында да болып еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы бир қатар ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлерге қатнасты.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзА хабаршысы