Милиция кийиминдеги ҳаял-қызларға көзи түскенде сүйсинип қарамайтуғын инсан болмаса керек. Соңғы жыллары ишки ислер уйымларында кийимлери өзлерине, өзлери дөгерегимизге жарасқан усындай тынышлық сақшыларының қатары жылдан-жылға көбейип бармақта. Байрам алдынан Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳаял-қызлар кеңесиниң баслығы, «Дўстлик» ордениниң ийеси, подполковник Умида Қурбанбаева менен ушырасып, сәўбетке тартық.

-Бүгинги күни республикамыз ишки ислер уйымларының қатарында үш жүзден аслам ҳаял-қыз ерлер менен бир сапта турып машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы кәсипте хызмет атқарып келмекте,-дейди Умида Турсынбаевна.-Олар министрликтиң жынаят қыдырыў, терроризмге қарсы гүресиў, тергеў, пробация, криминалистика, жазаны орынлаў, миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў, басқа да хызметлерде жемисли мийнет етпекте.

Республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыўда, жәмийетлик тәртипти сақлаўда қолға киргизилип атырған ҳәр қандай жетискенликлерде ҳаял-қызларымыздың да мүнәсип үлеслери бар. Соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте терроризм, адам саўдасы, экстремизм, нәшебентлик сыяқлы жат иллетлердиң унамсыз ақыбетлерин халқымыз, соның ишинде, ҳаял-қызлар менен жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўда белсендилик көрсетпекте.

Ҳаял-қызлар байрамы алдында өз кәсибиниң маманы, жаслардың устазы болған ҳаял-қызларымызды атап өткенимиз орынлы. Олардан подполковниклер Гәўҳар Утемуратова,  Тамара Сейтмуратова, майорлар Нуржамал Бекбергенова, Гүлжәҳән Кенжебаева, Ҳүрзада Рейимқулова, капитанлар Назира Турдымуратова, Алтынай Қыдырбаева, сержантлар Саўле Бахитова, Тамара Мнажова, Насиба Калбаева, Мияссар Муратова, шыпа көрсетиў бөлиминен Тамара Ерлепесова, Зухра Оразымбетова, балалар бақшасынан Рано Есимбетова, Акгуль Нагиеваларды ҳүрмет пенен тилге алсақ арзыйды. Сондай-ақ қатарымызды толықтырған жас қәнигелерден Саёра Қулымбетова, Раўшанай Алеўова, Қәллигүл Досжанова, Бийбиназ Бахиева, Малика Назарбекова, Арзайым Қаниязова, Юлдузхан Матякупова, Малика Рейимқуловалар күнделикли хызметинен тысқары, жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып келмекте.

Усындай пидайы хызметкерлеримиздиң мийнети басшыларымыз тәрепинен ўақтында ылайықлы баҳаланып келинбекте. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 25 жыллығы мүнәсибети менен майорлар Қамар Көптилеўова, Ғумшагүл Айтмуратова, капитан Назира Турдымуратова көкирек нышаны, майор Гульнур Абылқасимова «Аъло хизматлари учун» белгиси, бир қатар хызметкерлеримиз министрликтиң естелик қол сааты, Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланғаны буның айқын дәлийли болып табылады.

Быйылғы «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда ишки ислер уйымларында хызмет етип атырған ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, олардың хызмет етиўи ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында илажлар исленип шығылып, бул бағдарда айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Министрликтиң кадрлар басқармасы менен биргеликте ҳаял-қызларымыз арасында түрли таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары турақлы түрде өткерилип келинбекте. Бундай илажлар олардың хызмет, физикалық ҳәм жаўыргерлик таярлығын жетилистирип барыўында айрықша әҳмийетке ийе. Мәселен 30 жасқа шекемги ҳаял-қызлар арасында өткерилген «Ең жас хызметкер» таңлаўында Хожели районлық ишки ислер бөлиминиң хызметкери Нигора Пердебаева жеңимпаз болды. Кәсиплик байрамға бағышланып өткерилген спорт жарысында болса, Арнаўлы жазаны өтеў колониясының сайланды командасы биринши орынды жеңип алыўға еристи. «Жыл ҳаялы» таңлаўының республикалық басқышында Хожели районлық ишки ислер бөлиминиң хызметкери, капитан Назира Турдымуратова номинация жеңимпазы деп табылды.

Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, жазыўшы, шайырлар, исбилерменлер, спортшылар ҳәм басқа да тараўлардың белсендилери менен ушырасыўлар өткерилип, өз-ара бирге ислесиў жолға қойылмақта.  Кәсиплик аўқамның басламасы менен ҳаял-қызларымыз Самарқанд ҳәм Бухара қалаларына саяхатқа барып қайтты. Сондай-ақ, республикамыз аймағындағы музейлерге  барып, сол жердиң өзинде ветеран апаларымыз бенен  жас қәнигелердиң ушырасыўы шөлкемлестирилип турылады. Бундағы мақсет, олардың басып өткен мийнет жолын, көп жыллық тәжирийбесин жасларға үлги етип көрсетиў болып табылады.

Ишки ислер уйымларында узақ жыллар хызмет атқарған, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы апаларымыз ҳәмийше дыққат-итибарымызда болып келмекте. Ҳәр бир байрам сәнелеринде олардың ҳал-жағдайынан хабар алып, баҳалы мәсләҳәтлерин алып турамыз. Устазларымыздан отставкадағы полковник Ольга Тихонкова, подполковниклер Клара Алламбергенова, Зияда Утегенова, Елена Шарашанидзе, Феруза Сапарова, Лена Карашева, майорлар Шийрин Алламбергенова, Қымбат Якубова, Мария Майкова, сержантлар Зыяда Турдымуратова, Улбосын Минажева, Алмахан Досекеевалардың үлгили хызметлерин мақтаныш етемиз.

Соны умытпаўымыз керек, тараўда хызмет етип атырған ҳәр бир ҳаял-қыздан айрықша жуўапкершилик талап етиледи. Себеби биз тынышлық сақшылары болыў менен бирге шаңарағымыздың уйытқысы, презентлеримизге әдиўли ана ҳәм жақынларымызға үлгили апа-сиңли болыўымыз тийис.

Усы жерде Президентимиздиң «Ўатан дегенде мен-ҳаял, өмирлик жолдас, қыз-апаларымызды көз алдыма келтиремен ҳәм Ўатанды анаға теңеймен. Ана бир қолы менен бесикти тербетсе, бир қолы менен дүньяны тербетеди. Ҳаял-қызларды қәдирлеген мәмлекетте тек ғана раўажланыў ҳәм алға илгерилеў болады,»-деген даналық пикирлерин келтирип өтпекшимен. Солай екен, тыныш-татыў елде жасап атырғанымызға шүкиршилик етип, бизге көрсетилип атырған ғамқорлық және итибарға өзимиздиң тынымсыз мийнетимиз бенен жуўап бериўимиз тийис.

Пурсаттан пайдаланып, республикамыздың гүллән ҳаял-қызларын, ишки ислер уйымларының ветеранларын, кәсиплеслеримди байрам менен қутлықлап, шаңарақларына аманлық, өзлерине беккем денсаўлық тилеймен. Илайым елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.