Жынаят ислери бойынша Ташкент ўәлаяты судының 2017-жыл 18-декабрьдеги ҳүкими менен 1972-жылы туўылған Каримова Гулнара Исламовнаға 10 жыл еркинен айырыў жазасы тайынланған.

Адамгершилик көзқарасынан жазаны өтеп атырған шахс жынайый жол менен арттырылған пулларды қайтарыў ҳәм мәмлекетке келтирилген зыянды қаплаў миннетлемелерин өз мойнына алғанлығы есапқа алынып, жынаят ислери бойынша Ташкент ўәлаяты судының 2018-жыл 1-июльдеги ажырымы менен Г.Каримоваға белгиленген жаза 5 жыл мүддетке еркин шеклеў жазасына алмастырылған. Еркин шеклеў жазасын өтеў орны етип жазаны өтеп атырған шахс Г.Каримованың өз танлаўына бола, қызы Иман Каримованың жасайтуғын жери белгиленген.

Соның менен бирге, жазаны өтеп атырған шахс Г.Каримова мойнына нызамшылықта нәзерде тутылған бир қатар шеклеўлер, соның ишинде, жасайтуғын орнынан шығып кетпеўи, байланыс қуралларынан ҳәм Интернеттен пайдаланбаў да зыянды қаплаў миннетлемеси жүкленген.

Жазаны өтеп атырған Г.Каримоваға еркинен айырыў жазасын өтеўден қастан бас тартқан, сондай-ақ, суд тәрепинен жүкленген миннетлемелерди орынламаған жағдайда, суд жазаның өтелмей қалған мүддетин басқа жаза менен алмастырыўы мүмкин екенлиги түсиндирилген.

Бирақ, Г.Каримова жазаны өтеў дәўиринде суд тәрепинен орнатылған шеклеўлерди турақлы түрде бузып, өзине жүкленген миннетлемелерди орынламаған.

Атап айтқанда, Г.Каримова 2018-жыл 22-ноябрь күни жасаў орнынан өзбасымшалық пенен шығып кеткен ҳәм жазаны өтеў тәртибин және шәртлерин бузбаў ҳаққында ескертилген.

Бас прокуратураның баспасөз хызмети хабар бериўинше, ескертиўлерге қарамастан, Г.Каримова өзине тийисли жуўмақ шығармай, жазаны өтеў тәртибин ҳәм шәртлерин биле тура бузыўда даўам еткен.

Атап айтқанда: турақлы түрде байланыс қуралларынан, соның ишинде Интернеттен пайдаланған;

Жынаят иси бойынша анықланған өзи тәрепинен келтирилген зыянның қапланыўына тосқынлық еткен.

Г.Каримова жазаны өтеў тәртибин ҳәм шәртлерин қастан бузғанлығы себепли жынаят-атқарыў нызамшылығына муўапық, Өзбекстан Республикасы ИИМ Жазаны орынлаў бас басқармасы жанындағы Пробация хызметиниң усынысына тийкарланып, 2019-жыл 5-мартта жынаят ислери бойынша Яшнобод районлық суды тәрепинен оған бола белгиленген жазаның өтелмей қалған мүддети еркинен айырыў жазасы менен алмастырылып, улыўмалық тәртиптеги колонияда өтеўи белгиленген.

ӨзА