2019-жыл 5-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасында өткерилген гезектеги «Ҳүкимет сааты»на төменги палатадағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының басламасы менен «Халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы мәселе киргизилди.

Бул мәселе бойынша мәлимлеме бериў және депутатлардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап бериў ушын төменги палатаға Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министри Ботир Ходжаев мирәт етилди.

Бизге белгили, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 10-августтағы «Халық ҳәм социаллық тараў объектлерине күнделикли турмыста пайдаланыў ушын суйылттырылған углеводород газын жеткерип бериў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарары орынларда халықты қыйнап киятырған әҳмийетли машқалалардан бирин шешиўге қаратылған.

Министр өз мәлимлемесинде атап өткениндей, халық ҳәм социаллық тараў объектлерине күнделикли турмыста пайдаланыў ушын суйылттырылған углеводород газын жеткерип бериў тәртиби және халық ушын белгиленген баҳалар бойынша пайдаланатуғын социаллық тараў объектлериниң дизими тастыйықланған. Бул бойынша ҳәзирги күнге шекем бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Ҳәзирги ўақытта республика бойынша жәми 3,3 миллион суйылттырылған газ абоненти болып, газ тәмийнаты кәрханалары тәрепинен жәми 3,4 миллион дана турмыслық газ баллоны жеткерип берилген.  Буннан тысқары, халықтың жеке 1,1 миллион дана газ баллоны бар. Яғный, абонентлер санына салыстырғанда тәмийнлениў дәрежеси 137 процентти қурайды. Қалаберсе, усы жылдың 1-январь жағдайына бола, республика бойынша, 2,1 миллион социаллық тараў объектлерине суйылттырылған газ жеткерип берилмекте.

2019-жылы суйылттырылған газ дәреклери ҳәм бөлистириў балансына бола, усы жылы 806,1 мың тонна суйылттырылған газ ислеп шығарылып, соннан 474,7 тоннасы ямаса өткен жылға салыстырғанда 60,7 мың тонна көбиреги халықтың турмыслық талаплары ушын жеткерип берилиўи белгиленген. Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-октябрьдеги қарарында суйылттырылған газ тийкарынан халықтың өсип баратырған турмыслық талапларын қаплаў ушын бағдарланыўы белгиленгенин инабатқа алып, суйылттырылған газди биржада сатыў муғдары жылдан-жылға азайтылып барылмақта.

Қысқаша айтқанда, тараўда әмелге асырылып атырған өрнек болатуғын жумыслар көп. Бирақ усы бағдарда Ҳүкимет дәрежесинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилгенине қарамастан, аймақларда халықтың мүтәжликлери ушын суйылттырылған газ жеткерип бериўде көплеген кемшиликлерге де жол қойылмақта.

Депутатлар министрге усы бағдардағы мәселелер, халықты қыйнап киятырған анық машқалалар ҳаққында сораўлар менен мүрәжат етти. Әсиресе, парламент ўәкиллериниң наразылығына себеп болған мәселе – тәбийғый газ жетип бармайтуғын аймақларды өз ўақтында суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў, газ баллонларының стандартлары ҳәм олардың төлемине байланыслы мәселелер бойынша түсиник соралды.

Бул мәселелениң парламентте өткерилетуғын «Ҳүкимет сааты»нда тыңланғаны бийкарға емес екенлигин атап өтиў керек. Олий Мажлис төменги палатасы ўәкиллериниң сайлаўшылары менен өткерип атырған ашықтан-ашық сөйлесиўлери ўақтында келип түсип атырған көплеген мүрәжатларды таллаў халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша машқалалар жүзеге келип атырғанын көрсетпекте. Атап айтқанда, усы жылдың январь ҳәм февраль айының ақырғы ҳәптесинде сайлаў округлеринде өткерилген ушырасыўлар даўамында депутатлар тәрепинен бул мәселе үйренилгенде, халықтың орынлы наразылықларына себеп болып атырған бир неше кемшиликлер анықланды.

Мәселен, халық  көтерип атырған машқалаларға бола, 20 килограммлық турмыслық газ баллонларға көп жағдайларда нормадан аз қуйылып атырғаны тутыныўшылардың қатты наразылықларына себеп болмақта. Ямаса газ алыў ушын келген халық ўәкиллериниң банк пластикалық картасы арқалы төлемди әмелге асыра алмаўы қолайсызлық келтирип шығарып атырғанына байланыслы фактлер де бар.

Министр депутатлардың сораўына жуўап берип, бундай унамсыз жағдайлар ушырасып турғанын, бул мәселеде министрлик тәрепинен қатан қадағалаў алып барылып атырғанын, кемшиликлерге жол қойған жуўапкер адамларға шаралар көрилип атырғанын атап өтти. Өз гезегинде, бул бағдарда ислениўи керек болған жумыслар, қадағалаўшы ҳәм басқа да жуўапкер адамлардың жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў бойынша өз пикирлерин билдирип өтти.

«Ҳүкимет сааты» шеңберинде берилген сораў-жуўаплардан келип шығып, депутатлар тәрепинен министрликтиң жумысында жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

Өз гезегинде, «Ҳүкимет сааты»нда көтерилген машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша парламенттиң төменги палатасына қосымша түрде мағлыўмат усынылыўы мәлим етилди.

Мәжилис жуўмағында халықты суйылттырылған газ бенен тәмийинлеўде исленип атырған жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаў алып барыўға келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети