Адамлар арасында ең көп талқыланып атырған темалар, оларды қызықтырып атырған сораўлар мынадай:

– Қанша жыллардан берли умытылып баратырған Мойнақ неге бүгин дыққат орайында?

– Ол жерде нелер болып атыр?

– Сексеўиллер не ушын егилип атыр?

– Жер астынан шыға баслаған суў Аралды толтыра ала ма?

Мойнақ. Бул район ҳаққында жүдә көп еситкенбиз, сыртлай танысқанбыз да. Бирақ ойлап қарасам, өткен 45 жыл даўамында ҳеш қашан Аралға бармаған екенмен. Маған бул теңиздиң қандай екени, қай жерден басланыўы, машқалалары, бурынғы ҳәм бүгинги жағдайы жүдә қызық еди.

Шынын айтқанда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Мойнақта жүдә үлкен әмелий илажларға кирисилди ҳәм олар өз нәтийжелерин бере баслады.

«Мың мәрте еситкеннен, бир мәрте көрген абзал» дегениндей, аймақта алып барылып атырған жумысларды өз көзим менен көриў, адамлардың кейпиятын билиў, олар менен сәўбетлесиў мақсетинде жақында Мойнаққа сапар еттик.

Тәсирлерим бир дүнья. Жолда баратырып, бир нәрседен жүдә тәсирлендим. Бийик асфальт жолдың еки шети далалық ҳәм бослық, шөплер сийрек, сарғайып кеткен. Жолдасымнан бул жерде бурын не болғанын сорадым. Билгеним, бир ўақытлары суўға толып тасқан Арал  ҳәзир усындай жағдайға түсип қалған екен. Тийкарында Мойнақ, бул – Арал теңизиниң орайында жайласқан болып, Арал теңизиндеги «киши атаў» деп те аталады.

Сапардағы сол көринислерди көрип, көз алдымда кризистиң көлеми сәўлеленди: Арал бул жерден 20-100 километр узақлыққа шегинген, бүгин оған суў келмейди. Миллионлаған гектар жер майданы суўсыз, қуў дала. Жер дуз, тегислик ҳәм қумлық болғаны ушын да бул жерде өсимлик өспейди, қысқасы, өмир жоқ. Қуслар да белгили бир аралықта тоқтап, суў ишип азықланыўы керек. Бирақ бүгинги күнде жәми 5,5 миллион гектар жерде ишимлик суўы жоқ.

Хош, Арал теңизиниң қурып кетиўи ҳәм соның нәтийжесинде Мойнақ және басқа да аймақлар бүгингидей аўыр жағдайға келип қалыўына не себеп болды? Бул қандай факторлар менен байланыслы?

Сапар етиў даўамында әне усы сораўларға жуўап тапқандай болдық. Мәлим етилиўинше, бурынғы аўқам дәўиринде адамзат өз нәпси, мәпи жолында узақты ойламай, дәрьялардың суўынан нәтийжесиз пайдаланған. Ақыбетинде дүньяда 4-орында туратуғын Арал қурый баслаған. Сол ўақыттағы пахта сиясаты халықтың денсаўлығын да, оннан келип шығатуғын экологиялық машқаланыда есапқа алмаған.

Екинши тәрепи, биз жыллар даўамында аймақта жүзеге келген машқалаларға көнип жасадық. Оны сапластырыў ҳаққында қайғырмадық. Қарасақ, бүгин пүткиллей жаңа дәўир басланды. Яғный, сол ўақытларда басқа әўлад ислеген қәтени ҳәзирги әўлад дурыслап атыр. Түсингенлеримниң ең бириншиси сол болды, ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң ҳәм мыңлаған пидайы ўатанласларымыздың жүреги Мойнақта соғып тур.

Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, теңизди бурынғы жағдайына қайтара алмаймыз, бирақ шегинбеймиз де. Булар нелерде көринип атырғаны ҳаққында еки аўыз сөз. Бәринен бурын, Аралқумға өмир қайтарыў ушын тереклер егиў ҳәм оларды көбейтиў керек.. Бул ушын сексеўиллер егиўге кирисилди. Сексеўил әпиўайы ықлым шараятындағы топыраққа егилсе, өспейди. Оның туқымы қумлы жерге түсетуғын болса ғана, раўажланады. Сексеўил жүдә «ақыллы» өсимлик, төменге ҳәм қапталға тамыр жайып 14 метр тереңликке шекем, қапталға болса 2-3 метрге шекем жетип барады. Сонлықтан да бир сексеўил 10 тоннадан 100 тоннаға шекем топырақты услап тура алады. Ол раўажланса, 10-12 жылда жоқары қарай 16 метрге шекем өседи. Буның да пайдасы үлкен. Итибар бериң, бир сексеўил өсимлиги 1 тонна кислород береди.

Енди көз алдыңызға келтириң. Миллионлаған гектар жерге сексеўил егилетуғын болса, ол жерде кислород пайда болады, қуслар ушып келеди. Бул ағаштың және бир жақсы қәсийети бар, ҳаўа райы жүдә ыссы болғанда ол уйқыға кетеди. Жаўын жаўа баслағаннан соң және раўажланыўды даўам етеди.

Кейинги мәселе сонда, Мойнақтағы өмирди қайтарыў ушын сексеўилдиң өзи жеткиликли емес. Суў да керек. Ҳәзирги ўақыттта Аралдың қурыған қәддинде 50 «скважин» жаңа қудықлар орнатылмақта. Бул болса сол әтирапларда жасалма көллер пайда болады, дегени. Улыўма, жасаў ушын бирлемши жемис Н2О (суў) ҳәм О2 (кислород)ниң пайда болыўы Аралға, өз гезегинде, Мойнаққа қайта өмир бағышлайды.

Аймақтағы бул жағдайды және де жақсылаўға қаратылған ийгиликли басламалардың бири – Траст фондының шөлкемлестирилиўи менен байланыслы. Бул фонд экологиялық кризистиң ақыбетлерин жумсартыўда оғада әҳмийетли. Бүгинги күнде фондтың есап бетине үлкен-үлкен қаржылар келип түспекте. Әлбетте, бул тегин емес. Себеби Арал бойындағы машқалалар тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал дүнья мәмлекетлери ушын да оғада әҳмийетли болып табылады. Фонд жүзеге келген машқалаға қарсы биргеликте гүресиў, Аралбойы аймағына экологиялық инновация ҳәм технологияларды енгизиў имканиятын береди.

Усы күнлерде социаллық тармақларда жүдә көп додалаўларға себеп болып атырған мәселе – Мойнақ районында казино шөлкемлестириўге байланыслы. Казино ҳақықыйқатында да, шөлкемлестириле ме? Бул Мойнаққа не береди? Гәп сонда, бул бойынша инвесторлар тәрепинен усыныслар берилген. Әмелдеги нызамшылық бойынша казино ашыў мүмкин емес. Ҳәзирги күнде бул усыныс ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен үйренилмекте. Айырым пуқаралар басқа мәмлекетлерде, шегаралас мәмлекетлерде казинолар ойнап, үлкен қаржыларды жумсап келеди. Кейин, казино дегени, бул – кәйпи-сапа, әйши-ишрет дегени емес. Керисинше, ол адамда зийрекликти, тапқырлықты раўажландыратуғын характерге де ийе. Мойнақта казино шөлкемлестирилетуғын болса, жергиликли ҳәм сырт елдеги  ири бизнесменлер бул аймаққа қаржы алып келеди. Бул болса районның социаллық-экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосады. Қала берсе. быйыл районда және көплеген жойбарлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Соннан 12 санаат, 5 аўыл хожалығы, 14 жойбар хызмет көрсетиў тараўларының үлесине туўра келеди. 70 ке шамалас көп қабатлы жайлар қурылады. Быйыл 24 ин пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта олардың жетиўинде қурылыс жумыслары даўам етпекте. Булардың бәри районды социаллық-экономикалық раўажландырыўға хызмет етеди.

Бәршемизди қуўандырған және бир әжайып ўақыя ҳаққында тоқтап өтпекшимен. Мойнақтан 200 километр, Нөкистен 400 километр узақта, Шағала деп аталатуғын аймақтан 260-280 метр тереңликтен Арал теңизиниң қурыған майданынан душшы суў табылды. Бул суўдың шығыў тезлиги секундына 7 литрди қурамақта. Бул да Мойнақта аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға тийкар болады. Қуслар, жабайы ҳайўанлар келеди. Биоҳәртүрлилик тәмийинленеди. Пайда болған ылғаллық болса дуздың ҳаўаға көтерилиўине тосқынлық етеди.

Қус ушса қанаты, адам жүрсе аяғы күйетуғын жерлердеги бүгинги түпкиликли өзгерислерден аймақ халқы жүдә миннетдар. Олардың кейпияты бурынғыдай түскин емес, Керисинше, тетик ҳәм кеўилли… Олар менен сәўбетлессеңиз, бүгинги күнге болған исенимин жүзинен, гәп сөзинен дәрҳал билип аласыз. Себеби, мәмлекетимиз басшысының басшылығында кең жәмийетшиликтиң итибары усы аймақ халқының турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылды, пуқаралар буның нәтийжесин ертең емес, бүгин сезбекте. Реформаларды көзи менен көрип, өзлери де ийгиликли ислерге қатнасыўға асықпақта.

Әмелге асырылып атырған ҳәм жақын келешекте жүзеге шығарылатуғын жойбарлардың мақсетин қысқа сәўлелендиретуғын болсақ, Мойнаққа қайнаған өмир қайтпақта, жаңа Мойнақ пайда болмақта, мойнақлылар ушын жаңа тарийх басланбақта.

Шерзодхон ҚУДРАТХЎЖАЕВ,

Халықаралық пресс-клуб баслығы

“Халқ сўзи” газетасы,

(2019-жыл 2-март, №43 (72-73))