2018-жылы дүньядағы миллиардерлердиң саны 430 ға азайды. Булардың тең ярымына шамаласы Қытай исбилерменлери болып есапланады. Буған юань курсының төменлеўи ҳәм Қытай биржаларындағы кодировкалардың түсип кеткени тийкарғы себеп етип көрсетилмекте.

Сол себепли Қытайдағы миллиардерлер саны 148 ге, Гонконгтағы миллиардерлер саны 17 ге азайған. 2019-жыл январь айының ақырында Қытай Халық Республикасы, Тайвань ҳәм Гонконгта 658 миллиардер бар екени анықланған.

Саўда тараўындағы Қытайдың бәсекилеси АҚШта бундай адамлар саны Қытайдағыдан 74 ке аз. Бирақ, АҚШта өткен жылдың жуўмақлары бойынша миллиардерлер 13 ке көбейген.

Пекиндеги миллиардерлер саны 28 ге азайғаны менен, ол дүньядағы ең көп байлар жасайтуғын қала болып қалмақта. Ҳәзирги ўақытта Қытай пайтахтында 103 миллиардер жасайтуғын болса, Нью-Йоркта 92 миллиардер өмир сүреди.

Дүнья халқының 27 проценти жасайтуғын Қытайда биржадағы турақсызлық себепли миллиардерлер азайып бармақта, егер биржа қайта жақсыланатуғын болса, Қытай бул бойынша абсолют алдыға өтип кетеди.

Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда 716 қытайлы миллиардер бар. Оның 33 и ғана Қытай Халық Республикасы пуқарасы емес. Анықлаў етип  айтқанда, 21 миллиардер Сингапурда, 12 си АҚШта жасайды. Улыўма есапта ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде 2470 миллиардер бар екен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.