Заманагөй мәлимлеме-технологияларының күнделикли турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети күннен күнге артып бармақта. Бүгинги күни турмыс тәризимизди, күнделикли жумысларымызды оларсыз (телефон, интернет, факс, глобал ҳәм локал компьютер тармағысыз) көз алдымызға келтире алмаймыз. Ҳәзирги пайдаланып турған қалалық  ҳәм  мобил телефонлар яки интернет хызметлери тек сөйлесиў ҳәм мағлыўмат алыў ушын ғана емес, ал көплеген зәрүр жумысларымызды  питкериўде ең қолайлы исенимли қуралға айланбақта.       

Жақында Нөкиске халқымыздың заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларына болған талапларына муўапық, «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен «қала ҳәм аўыллық жерлерде заманагөй телекоммуникация хызметлерин енгизиў ҳәм инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында Қытай Республикасының HUAWEI компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған, улыўма сыйымлығы 5184 абонентке мөлшерленген заманагөй типтеги 8 дана MSAN қурылмалары алып келинди.

– Олардың 5 данасы Нөкис қаласының Қум аўыл, Саманбай, Жеке терек елатлары ҳәм  25-киши районға, 2 данасы Хожели районы орайына ҳәм 1 данаcы Мойнақ районы орайына орнатылды,-дейди филиал директоры Қ.Таженов. – Бүгинги күнде телефон тармақлары пуқаралардың үйлерине жалғанбақта.

Ал, пуқаралар жасайтуғын турақ жайларға үй телефонларын орнатыў 20700 сум болды. Усы телефон линиясынан тек сөйлесиў ушын ғана пайдаланбай, ҳәзирги ўақыттағы интернет тармағы, санлы телевидение (IP-TV) хызметинен де пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылды.

Сондай-ақ, жақында интернет хызметиниң тарифлери бир неше есеге арзанлатылды. Интернет хызметиниң тезлиги 20 Мбит/сек.қа арттырылып, абонентлерге қолайлы тариф режелери ислеп шығылды.

Ҳәзирги ўақытта бул хызметтен пайдаланыўшыларының саны көбеймекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.