Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетинде «Дәўир қызлары» таңлаўы болып өтти.

«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»на  ҳәм 8-март-халықаралық ҳаял-қызлар байрамына бағышланып өткерилген таңлаўға университеттиң  9 факультетинен команда қатнасты. Олар сәлемнама, сәрдарлар жарысы, «Епли келин керек пе, сепли келин керек пе..?», «Заманымның гүли өзиңиз…қызлар!..» басқышлары бойынша өзлериниң өнерлерин көрсетти.

Илаж жуўмағында қарақалпақ филологиясы факультети командасы биринши, дене мәденияты факультети екинши, тәбияттаныў факультети үшинши орынларды ийеледи.

-Дәстүрий тәризде өткерилип киятырған таңлаўдың мақсети, студент қызлардың оқыўда ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилигин арттырыў, оларды шаңараққа, келешек турмысқа таярлаў болып табылады,-дейди университет ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Инжайым Сейтназарова.-Соның менен бирге, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаў, өзлери таңлаған қәнигеликлерине сүйиспеншилигин арттырыўдан ибарат.

Жеңимпазлар ҳәм белсене қатнасқанлар ректорат, кәсиплик аўқамы, ҳаял-қызлар комитети, жаслар аўқамы басланғыш шөлкемлери тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.