Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында болып өткен баспасөз конференциясында сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаровтың мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасында улыўма 706 улыўма билим бериў мектеплери жумыс алып бармақта.

Быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасындағы барлық районлар ҳәм Нөкис қаласындағы ең үлгилилер қатарындағы 77 мектепте Қарақалпақстан мектеплериниң рейтинги анықланады.

И.Қунназаровтың атап өтиўинше, мектеплердиң рейтинги 9-класс оқыўшыларының жазба саўатлылық дәрежеси, мектеплерде жумыс ислейтуғын категориялы муғаллимлердиң саны, социаллық сораўнама нәтийжелери бойынша анықланады.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Өзбекстан бойынша улыўма билим бериў мектеплериниң рейтинги дүзилетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.