Папуа – Жаңа Гвинея. Тыныш океанында жайласқан бул атаў жағалығы аймақларында 5,9 магнитудадағы жер силкиниўи жүз берди.

 Иран. Корд қаласы жақынында тез жәрдем хызмети вертолётиниң қулаўы ақыбетинде 5 адам қайтыс болды.

 Қубла Корея. Қубла Корея – АҚШ бирге ислесиўиндеги әскерий таярлық шынығыўлары басланды.

 АҚШ. 3-март күни Жоржия штатында жүз берген торнадо ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде штат аймағында айрықша жағдай жәрияланды.

 Россия. Пекин – Лос-Анжелес жөнелисинде ҳәрекетленип атырған Air China авиакомпаниясына қараслы самолёт бортында жүз берген айрықша жағдай себепли самолёт Чукотка автоном ўәлаятындағы Анадирь қаласына қоныўға мәжбүр болды.

 Чехия. Ростов-над-Доубравоу қаласында поездлардың соқлығысыўы ақыбетинде 6 адам жарақатланған. Қурбанлар анықланбаған.

 АҚШ. Мәмлекет ҳүкимети тәрепинен 2014-жылы Россияға қарсы енгизилген санкция мүддети 6-марттан баслап бир жылға создырылды.

 Зуҳра Мирзабова, ӨзА