Қарақалпақстан хабар агентлигине мәлим болыўынша, усы күнлери елимизде мәмлекетлераралық «МИР» телерадиокоманиясының дөретиўшилик жәмәәти жумыс алып бармақта. Олардың дөретиўшилик сапары даўамында елимиздеги Ташкент, Самарқанд, Бухара, Марғилан, Хийўа қалаларындағы ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы  тарийхый орынларда болып, «Ўақыт сырлары» телеэкспедиция түриндеги жойбар тийкарында гезектеги «Нефрит жолы ямаса Тас жолы» ҳүжжетли фильми сүўретке алыныўы белгиленген. Ҳүжжетли фильмди сүўретке алыў арқалы елимизде Кәрўан жоллары ҳәм Уллы жипек жолы пайда болмастан бурын бизиң эрамызға шекемги екинши ҳәм биринши мың жыллықларда Әййемги Шығыста қымбат баҳаланған нефрит, лазурит сыяқлы таслар алып өтилгенлигин ашып көрсетеди. Атап өтиў керек, сол дәўирде нефрит Қытайдың жипеги менен теңдей баҳаланған.

Әййемги саўда орынлары қай жерде, Орта Азия халықларының мәдениятында ҳәм көркем-өнеринде олар қандай әҳмийетке ийе, бул таслар не ушын қымбат баҳаланған ҳәм олардың кәраматы неде сыяқлы сораўларға жуўап табыўды гөзлеген бул фильм узақ өтмиштиң сырларын ашып бериўди мақсет еткен.

«МИР» телерадиокомпаниясының «Ўақыт сырлары» жойбары шеңберинде үлкен экранға шығарылған «Уллы гүмис жолы», «Страбон жолы» ҳәм «Уллы Жипек жолы» көрсетиўлери ҒМДА еллери арасында үлкен қызығыўшылық оятқан еди.

Еслетип өтемиз, мәмлекетлераралық «МИР» телерадиокоманиясының жәмәәти усы жылы 5-июнь күни Қарақалпақстанның Аяз қала тарийхый естелигинде де дөретиўшилик сапарда болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги