Әдиллик министрлиги тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын анализлеўдиң нәтийжелерине муўапық, Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам жойбары ислеп шығылып, жуўапкер уйымлар менен келисилген ҳалда белгиленген тәртипте ҳүкиметке киргизилди. Бул ҳаққында «Халқ сўзи Онлайн» хабар берди.

Министрликтиң хабарына қарағанда, Мийнет кодексиниң 214-статьясында, жумыс бериўши мийнет шәртнамасын дүзиў ўақтында дәслепки тәризде ҳәм кейин ала (жумыс даўамында) ўақты-ўақты менен медициналық тексериўден өткериўди шөлкемлестириўи шәрт болған хызметкерлердиң дизими көрсетилген және медициналық тексериўден өтиўи ушын хызметкерлер пул төлемеўи белгиленген.

Анализлерге қарағанда, нызамшылықта медициналық тексериўлер қайсы қаржылар есабынан өткерилиўи нәзерде тутылмағаны ақыбетинде, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тиккелей балаларға билим ҳәм тәрбия бериў менен шуғылланатуғын педагог ҳәм басқа хызметкерлери өзлериниң жеке қаржылары есабынан денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде медициналық тексериўден өткерилип атырғаны мәлим болды.

Жойбарда социаллық қорғаўға мүтәж болған пуқараларды және улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тиккелей балаларға билим ҳәм тәрбия бериў менен шуғылланатуғын педагог ҳәм басқа хызметкерлерин жумыс бериўшиниң бюджет қаржылары есабынан медициналық тексериўден өткерилиў тәртиби енгизилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги