Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында болып өткен баспасөз конференциясында сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаровтың мәлим етиўинше, сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломларын нострификациялаў Нөкис қаласында өткерилмейди.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими нострификация бойынша консултациялар бериўи мүмкин. Бирақ, тиккелей Нөкис қаласында өткерилмейди, – деп айтып өтти И.Қунназаров.

Усы орында быйылғы жылдың февраль айында Мойнақ районында жасайтуғын 14 пуқараның сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алғаны ҳаққындағы дипломлары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткенин атап өтиў керек. Бул Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Мойнақ районында жасайтуғын сырт еллерде оқып билим алғанлығы ҳаққындағы дипломларын нострификациялаў тилегин билдирген пуқараларға шараят жаратыў ҳәм зәрүр болса имтихан процеслерин аймақтың өзинде шөлкемлестириў бойынша берген тапсырмалары тийкарында әмелге асырылған еди.

И.Қунназаровтың қосымша етиўинше, усы жылдың март айынан баслап халықаралық абыройлы шөлкемлердиң «ТОП-1000»лығына кирген сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломлары ҳеш қандай имтиханларсыз, сол аймақтағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы нострификацияланады.

Мағлыўмат ушын, бундай типтеги нострификациялаў алдынлары «ТОП-500»ликке кирген сырт ел жоқары оқыў орынлары ушын әмел ететуғын еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.