Бәҳәр келди. Қыс пенен бирге уйқыда жатырған тәбият оянбақта. Көпшилик инсанларда усы дәўирде ҳәлсизлениў, динкеси қурыў ҳәм тез шаршап қалыў жағдайлары бақланады. Хош, бул ўақытта не ислеўимиз керекЎ Усы сораўға қәниге жуўап берди.

-Инсанларда жылына мәўсимлер алмасыўы дәўиринде: әсиресе, гүзден қысқа шекем, қыстан бәҳәрге өтиўде сиз айтқан жағдайлар бақланады, – дейди қәниге Қаҳрамон Шодиев. – Бул ўақытта инсан дурыс аўқатланыў тәртиплерине толық әмел етиўи керек болады. Азанда кептирилген мийўелер: ғоза, кишмиш, бадам ҳәм палдан пайдаланыў мақсетке муўапық. Түсликте ҳәм кешки аўқатта тийкарынан майсыз және тез сиңетуғын тағамларды жеўи де әлбетте, көк шөплер және тәбийғый ҳәм жаңа палыз егини (редиска ҳәм усыған уқсас)лерин пайдаланыўы керек.

Бул ўақытта цитрус мийўелерин көп пайдаланыў қәўипли болып есапланады. Себеби аллергияға бейим адамларда бәҳәрдеги өзгерислер, тәбияттың ояныўы дарақлардың гүллеўи, жапырақ шығарыў, шөплер, өсимликлердиң гүллеўи және өзинен тарқатып атырған ийиси цитрус мийўе менен биргеликте инсандағы кеселликлерди қозғаўы мүмкин.

Нан өнимлерин көбирек пайдаланыў адамды күн даўамында тетик ҳәм саламат көринисинде жүриўге жәрдем береди.

Бул ўақытта адамлар аўқатланыў тәртибин биймәлел көбейтиўи мүмкин. Азанғы ҳәм түслик ўақыт және түски ҳәм кешки тағам арасына қысқа аўқатланыў ўақтын киргизип алса,  тәбияттың бул ынжық дәўирин зыянсыз ҳәм әдеттегидей өткериўде жәрдем береди.

Бул дәўирде адамлар руўхый ҳәм саламат, кейпияты жоқары болыўы ушын тәбият қойнында көбирек сейил етиўи керек. Әне, сонда тәбият ҳәм инсан бир-бирине үйлеседи. Саламат ҳәм тетик өмир сүриўде жәрдем береди.

 Дилобар Аслиддин қызы, ӨзА