USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СОЦИАЛЛЫҚ-ЭКОНОМИКАЛЫҚ ҲӘМ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ТАРАЎЛАРДА БЕЛГИЛЕП БЕРИЛГЕН ЎАЗЫЙПАЛАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ЖАҢА РАЎАЖЛАНЫЎ ШЕКЛЕРИН АШАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырғандөретирўшилик жумысларыири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 28-февраль -1-март күнлери Наманган ўәлаятында болды.

Бәҳәрдиң дәслепки күнин наманганлылар үлкен қуўаныш ҳәм ийгиликли арзыў-нийетлер менен күтип алды. Әне усындай, қутлы күнлерде мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа сапары үлкенди-жасты  және де руўхландырып жиберди.

Сапардың екинши күни Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласында ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди. Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен мәжилисте ўалаят белсендилери, депутатлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, қалалар ҳәм районлардың ҳәкимлери, нуранийлар, жас исбилерменлер, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта өткен жылы әмелге асырылған жумысларға тоқтап, барлық тараўда ерисилген нәтийжелер  талланып, жаңа ўазыйпалар белгилеп берилди.

Өткен жылы қандай нәтийжелерге еристик, адамлардың турмысында нелер өзгерди, деген сораў ҳәммемизди қыйнаўы керек. Бул сораўларға жуўап табыў ушын ҳәр күни излениўимиз керек, заман талапларын үйренип, илим, ақыл менен мийнет етиўимиз зәрүр. Сонда экономикамыз бәсекиге шыдамлы болады. Бул не дегени? Шет елде базар табыў, заманға мүнәсип болыў, дегени. Қашан мүнәсип боламыз? Алдынғы технология болса, оларды ислете алатуғын жасларымыздың қатары көбейсе, сапалы өним шығара алсақ, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте өткен жылы ўәлаятта улыўма баҳасы 1,8 триллион сум болған 577 өндирис ҳәм хызмет көрсетиў объекти иске түсирилгени, инвестициялардың көлеми 1,7 есеге артқаны атап өтилди.

Соның менен бирге, Наманган ўәлаятын раўажландырыў бойынша бар имканиятлар ҳәм резервлер толық иске қосылмай атыр. Өткен жылы жалпы аймақлық өнимниң өсиўи республика көрсеткишинен 2 есеге төмен болғаны, аўыл хожалығында өним ислеп шығарыў көлеми азайғаны сынға алынды.

Наманган ўәлаятын комплексли раўажландырыў ушын 2,8 миллиард долларлық жойбарларды нәзерде тутатуғын бағдарлама ислеп шығылды. Оған бола, ўалаятта 2019-2020-жыллары 1 мың 400 ден аслам инвестициялық жойбар әмелге асырылады, 1,1 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы тартылады. Соның нәтийжесинде 39 мың турақлы жумыс орны жаратылады.

Наманган халқы әзелден жетик исбилерменлиги менен ажыралып турады. Соңғы жылларда жас исбилерменлер креатив идеялары менен және де танылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы усы тәреплерин итибарға алған ҳалда, ўәлаятта «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў ушын 1 триллион сум ажыратылатуғынын мәлим етти. Усы қаржылардың есабынан ўәлаятта шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың жана системасы енгизиледи.

Ўәлаят районларының орайын абат етиў мақсетинде ҳәр бир районға 20-25 миллиард сумнан, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген аўыл ҳәм мәҳәллелерге қосымша тәризде 2  миллиард сумнан ажыратылатуғыны атап өтилди.

Мәжилисте Президентимиз социаллық, мәдений-ағартыўшылық тараўларды раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратты. Жас әўладтың руўхый дүньясын байытыў, олар арасында спорт, көркем өнер, китапқумарлықты ғалабал ен жайдырыў, компьютер технологияларына қызықтырыў, бул ушын орынларда зәрүр шараятларды жаратыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Президентимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўында жеке секторды раўажландырыўға байланыслы қарарлары нәтийжесинде орынларда заманагөй медициналық мәкемелер иске түсирилмекте. Наманган қаласындғы «ANAMED» жеке  диагностика орайы әне усындай субъектлерден бири болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы сапары ўақтында усы диагностика орайының жумысы менен танысты.

Нейрохирургия, неврология, кардиология, урологияға қәнигелескен бул орай «General Еlectric» «Siеmens» «BTL» «Mirevarra» «Fijifilm» сыяқлы белгили компаниялардың алдынғы диагностика үскенелери менен тәмийинленген. Ең заманагөй қурылмалар менен үскенеленген еки блокта жәҳән стандартлары дәрежесинде операция әмелиятын өткериў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта 52 орынлық стационар бөлимин пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте.

Отыздан аслам адам мийнет етип атырған мәкемеде қәнигели кадрлар жәмәәтин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Уллы Британия, Япония, Россия Федерациясындағы жетекши диагностика орайлары менен бирге ислесиў орнатылған. Өткен дәўирде бир топар шыпакерлер усы мәмлекетлерде қәнигелигин арттырып қайтты. Ҳиндстан ҳәм Россиядан тәжирийбели шыпакерлер жумысқа тартылған. Стационар ҳәм физиотерапия бөлимлериниң иске түсирилиўи менен және 50 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы дурыс диагноз қойыў ҳәм кеселликлерди ертеден анықлаў ушын бундай диагностика орайлары әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Усы жерде Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен Наманган ўалаяты мәлимлеме-китапхана орайын модернизациялаў және китапқумарлық мәдениятын арттырыў концепциясының презентациясы өткерилди. Оған муўапық, ўәлаяттың және 50 аймағында китапхана, 12 заманагөй көшпели  китап дүканын қурыў, 4 «Библиобус» жумысын жолға қойыў режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев халыққа китапларды қолайлы тәризде жеткерип бериў, ўәлаятта жасап өткен атақлы ойшыл ҳәм жазыўшылардың шығармаларын басып шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылдың май айында ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында Наманган қаласының орайында қурылып атырған «Афсоналар водийси» мәденият ҳәм дем алыў бағының жойбары менен танысқан және оны ең заманагөй талаплар тийкарында қурыў зәрүрлигин атап өткен еди. Бул ретки сапары шеңберинде усы бағда алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Бағдың  қурылысына Түркияның «DOME Partners» компаниясы тартылған болып, оның аймағында саўда-кеўил ашар орайлары, өнерментлердиң шеберлик орайы, сейил етиў көшеси, ашық ҳәм жабық аквапарк, китапхана, ресторан және кафелер, трамвай жолы, төрт жулдызлы мийманхана, шаңарақлық дем алыў орынлары, көл, музыкалы фонтанлар қурылады. Жойбарға тийкарланып дем алыў бағына 8 түрдеги аттракционлар орнатылады.

Шавкат Мирзиёев қурылыс барысын көзден өткерип, дүньяда теңсиз болатуғын бул мәденият ҳәм дем алыў бағы келешекте тек ғана ўәлаятта емес, ал елимиздиң өзине сай шақырыў қағазына айланатуғынын атап өтип, қурылысты жеделлестириў кереклигин атап өтти.

Наманган қаласының Юксалиш мәҳәллеси соңғы еки жылда пүткиллей жаңа келбетке ийе болды. 2018-жылы бул жерде 588 квартирадан ибарат 14 жети қабатлы арзан турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жылдың ақырына шекем және 14 усындай турақ жай қурылып, квартиралар саны 1 мың 176 ға жеткериледи. Сондай-ақ, усы аймақта Ишки ислер, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар министрликлери ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери ушын 8 бес қабатлы турақ жай имараты қурылмақта.

Буннан тысқары, аймақтың бас режесине муўапық, монолит усылында 9 ҳәм 12 қабатлы заманагөй турақ жайлар, сондай-ақ, базар, спорт-саламатландырыў орайлары, бақша, мектеп, көп қабатлы автомобиль сақлаў орнын қурыў режелестирилген.

Юксалиш мәҳәллеси жанында 80 гектарлық киши санаат зонасы дүзилмекте. Санаат зонасы толық иске түскеннен кейин 7 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Корея Республикасы менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған «Hyundai» автомобиль заводы да усы аймаққа жақын жерде қурылады. Ҳәм аймақты, ҳәм өндирис потенциалын арттырыў есабынан Юксалиш мәҳәллеси жоқары технологиялық қалашаға айланады.

Мәмлекетимиз басшысы Юксалиш мәҳәллесинде қурылып атырған көп қабатлы жайлар ҳәм аймақты раўажландырыў жойбарлары менен танысты.

Наманган қаласының А.Хўжаев көшесинде «IT park» шөлкемлестириледи. Үш қабатлы имаратта мектеп оқыўшылары ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлерине жаңа заманагөй техникалар менен ислесиў көнликпесин үйрететуғын курслар, дөгереклердиң жумысы жолға қойылады.

Президентимизге россиялы қәнигелер менен биргеликте ислеп шығылған Наманган қаласын раўажландырыў бойынша усыныслар, заманагөй қала қурылысы нормалары тийкарында Юксалиш қалашасын абат етиў, бизнес орайлар, дем алыў орынларын, аллеялар қурыў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы турақ жайларды сапалы қурыў менен бирге, оларға хызмет көрсетиў дәрежесин де арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Қаланы келешекте буннан былай да раўажландырыўға байланыслы жойбарларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Умар АСРОРОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары