Президентимиздиң басламасы менен мине үш айға шамалас ўақыттан берли Арал теңизиниң қурыған ултанында сексеўил егиў жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли иске тек республикамыздан ғана емес, ал,  елимиздиң барлық ўәлаятларынан көмекшилер қатнасып, бүгинги күнге 400 мың гектардан зыят майданға сексеўил егилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев «Арал бойын абат етейик» жойбарына белсене қатнасқан тараў қәнигелерине, жумысшылар менен механизаторларға терең миннетдаршылық билдирди. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан алғыснама жәриялап, ҳәр бирине ақшалай сыйлықлар тапсырды.

Ҳақыйқатында да, қыстың қыраўлы күнлерине қарамастан теңиздиң ултанында айтарлықтай жумыслар алып барылды. Бул иске қатнасқан мыңнан аслам көмекши халқымызға тән аўызбиршилик ҳәм жәмлескенликтиң ҳақыйқый үлгисин көрсетти. Ҳәмме бир мақсет жолында, теңиздиң қурыған ултанында  сексеўил егиў, солай етип, бул жерден көтерилетуғын шаң-тозаңның алдын алыў жумысларына белсене қатнасты. Илажда көмекшилерге дастурхан жайылып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Жақсы хабардың қанаты бар дейди халқымыз. Усы күни Аралдың түбинен 230 метр тереңликтен екинши булақтың көзи табылды. Қәнигелердиң атап өткениндей, жақын күнлерде усындай 50 орында геологиялық излеў жумыслары алып барылады.

Демек, теңиздиң қурыған ултанында шөлге шыдамлы егинлер егиў, жаңадан булақ көзлерин ашыў жумыслары даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.