Усы жыл 1-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде халыққа медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигине бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Э.Боситханова шығып сөйлеп, республикамыз аймағында халыққа медициналық-санитариялық хызмет көрсетиўдиң бүгинги жағдайы, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм оны сапластырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң басшылығында парламенттиң төменги палатасының депутатлары, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басшылары, республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары қәнигелеринен ибарат республикалық жумысшы топар 28-февральдан 1-март күнлери аралығында республикамызда болып, орынларда халыққа медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, кадрлар менен тәмийинлеўди жақсылаў, санитария-эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў, пуқараларымыз арасында саламат турмыс тәризин ҳәм саламат аўқатланыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў бойынша жумыслардың барысын үйренип шықты.

Үйрениў барысында Нызамшылық палатасының депутатлары, республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының қәнигелери ҳәм аймақлық медицина мәкемелериниң шыпакерлери ҳәр бир районда үйме-үй жүрип, созылмалы кеселликлерге шалынған дерлик 2025 пуқараны ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзаларын  медициналық тексериўден өткерди. Олардан алты жүз он үшине амбулаториялық,  үш жүз жетпис тоғызына районлық медицина бирлеспелерине, бир жүз тоқсан төртине Нөкис ҳәм жетеўине Ташкент қалаларындағы емлеў мәкемелерине жолламалар берилди. Зәрүр деп табылған 33 наўқаста жоқары технологиялық операция әмелияты исленди.

Буннан тысқары, жумысшы топар ағзалары тәрепинен  медицина мәкемелеринде Президентимиздиң 2018-жыл 7-декабрьдеги пәрманы менен тастыйықланған «2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы», сондай-ақ,  2018-жыл 18-декабрьдеги  қарары менен тастыйықланған «2019-2022-жылларда жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў концепциясы»ның мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилип, республикамызда тараўда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда әмелий жәрдем көрсетилди. Төменги палата депутатларының қатнасында ҳәр бир районда биреўден мәкан пуқаралар жыйынында аймақлық бирлемши  медицина мәкемеси басшысының халық алдындағы есабын тыңлаў илажы шөлкемлестирилди.

Республикамызда  медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын, дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў жақсыланғаны, сондай-ақ медицина хызметкерлериниң жуўапкершилиги бир қанша артқанлығы орынларда халық пенен өткерилген пикирлесиўлерде мәлим болды.  Медицина мәкемелери имаратларын қурыў, реконструкциялаў, ири ҳәм ағымдағы оңлаў жумысларына алдыңғы жылларға салыстырғанда көбирек итибар қаратылмақта.

2018-жылғы Инвестициялық бағдарлама тийкарында 24 объектте 55,4 миллиард сумлық, «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша 13 медицина мәкемесинде 4,1 миллиард сумлық,  жергиликли бюджет есабынан мәнзилли бағдарлама тийкарында 17 медицина мәкемесинде 4,6 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.  Өткен жылы 250 орынға мөлшерленген «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйиниң жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Республикалық хирургия орайының орнында 20 орыннан ибарат академик В.Воҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Нөкис филиалы, сондай-ақ, республикалық қәнигелестирилген  онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалында 20 орынлық паллиатив бөлими шөлкемлестирилди.

Республикамызға жергиликли бюджет қаржылары есабынан 223,0 миллион сумлық  «OPMI I FF PRO» операция микроскопының алып келиниўи есабынан катаракта бойынша 2121 операция әмелияты орынланды ҳәм узақ районларда жасайтуғын 1346  наўқас медициналық тексериўден өткерилди. В.Воҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Нөкис филиалында аўыр жүрек кеселлигине шалынған 270 наўқасқа операция исленди.

Бүгинги күни Аралбойы халқының жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайына 9,8 миллиард сум, В.Воҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Нөкис филиалына Инвестициялық бағдарлама тийкарында 2,7 миллиард сум қаржы ажыратылып, реконструкция, оңлаў жумыслары алып барылмақта. Офтальмология, нейрохирургия, кардиохирургия бағдары бойынша жаңа заманагөй технологиялардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде елимиздиң пайтахтына баратуғын наўқаслардың саны өткен жылларға салыстырғанда кескин азайып, жеңилликли ордерлердиң ислетилиўи 30 процентке кемейген.

Илажда усындай жетискенликлер менен бир қатарда тараўда орын алып атырған кемшиликлер де сынға алынды.  Еле де болса орынларда медицина-техника, әсбап-үскенлерди жаңалаў, заманагөй медициналық аппаратлар менен толтырыў зәрүрлиги көзге тасланады. Бүгинги күни республикамызда медицина мәкемелериниң кадрлар менен тәмийинленеўи 90 процентти қурайды. Жумысшы топар ағзалары тәрепинен анықланған кемшиликлердиң келип шығыў себеплерин анықлаў, алдағы ўақытлары оған жол қоймаў илажларын көриў мәселелери атап өтилди.

Мәжилис соңында республикамыз халқына көрсетилип атырған медициналық-санитариялық жәрдемниң сапасы менен нәтийжелилигин жақсылаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадрлар тәмийнаты ҳәм потенциалын арттырыў, санитария-эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў, жеке секторды раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳәр тәреплеме додаланып, бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.