Быйылғы жылы Қарақалпақстандағы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери және академиялық лицейлерди 40 691 оқыўшы питкереди. Бул ҳаққында Министрлер Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы М.Абдуллаев айтып өтти.

Өткен жылы Қарақалпақстан бойынша жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырып, тест сынақларынан өте алмаған абитуриентлер саны 40 905 ти қурайды.

Демек, быйылғы оқыў жылында усы еки көрсеткишти қосып есаплағанда 81 596 абитуриент жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.

Музаффар Абдуллаевтың атап өтиўинше, бул усы күнге шекемги ең жоқарғы көрсеткиш болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.