Министрлер Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаровтың мәлим етиўинше, Президент мектебине оқыўшылар Кембридж университетиниң халықаралық имтихан бөлиминиң (Cambridge Assessment International Education) тәжирийбели қәнигелери тәрепинен сайлап алынады. Бул бойынша Уллы Британияның абыройлы университети менен келисимге қол қойылған.

Мағлыўмат ушын, Cambridge Assessment International Education дүньяның 160 тан аслам мәмлекетиндеги 10 000 нан аслам мектеплерде оқыўшыларды имтиханнан өткерип, сайлап алады. Бөлим 1858-жылдан берли табыслы жумыс ислеп келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.