Министрлер Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика бағдарының 3-курс студенти Гүлзиба Юлдашеваның «Президент мектебинде оқыў пуллы бола ма?» деген сораўына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаров төмендегише жуўап берди:

«Президент мектеби мәмлекетлик мектеп болып, Халық билимлендириў министрлигине қараслы болады. Мектепте оқыў бийпул тәртипте әмелге асырылады».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.