Нөкисте усы жылдың сентябрь айынан баслап өз жумысын баслаўы күтилип атырған Президент мектебинде оқыў инглис тилинде алып барылыўын есапқа алып, сырт елли тәжирийбели педагогларды мектепте жумыс ислеўге шақырыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаров айтып өтти.

Оның билдириўинше, бундай педагоглар мектепте сабақ өтетуғын улыўма муғаллимлердиң 60-80 процентин қураўы мақсет етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.