2-март күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында «Елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажлардың мазмуны ҳәм әҳмийети» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажды Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов басқарып барды.

Баспасөз конференциясында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева республикамыз жасларын жәмлестириў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўда жаслар аўқамының тутқан орны, сондай-ақ, «Жаслар – келешегимиз» бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы И.Қунназаров ҳәм Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы М.Абдуллаев жаслар ҳәм билимлендириў, тараўдағы соңғы өзгерислердиң мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша сөзге шықты.

Усы теманың Қарақалпақстан ғалаба хабар қуралларында жәрияланыў барысы, олардағы орын алып атырған кемшиликлер ҳәм усыныслар бойынша «Қарақалпақстан жаслары» газетасының редакторы С.Жәниев, «Жаслар ТВ» телеканалы ҳәм «Нөкис ФМ» радиоканалы редакторы Л.Қаллыханова, «KRuz.uz» сайтының редакторы Ш.Саидаҳмадовлар  шығып сөйледи.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тема дөгерегиндеги сораўларына жуўаплар алды.

Сайтымызды бақлап барсаңыз, конференция даўамында берилген сораўларға жуўапларды оқып барыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.