Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси шөлкемлестириўинде пайтахтымыздағы 2-санлы медициналық колледжинде «Үлгили теңлесим» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлигиниң бәнтлерин орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелиги магистранты, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты А.Оразымбетова, 9202-санлы әскерий бөлим хызметкери Д.Аманбаева ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқыўшысы, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Утемуратова, сондай-ақ, колледж педагоглары, оқыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда мийманлар өз дөретиўшилик үлгилеринен үзиндилер келтирип, жаслар менен сәўбетлесиў өткерди, оқыўшылардың сораўларына жуўап берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.