Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 28-февраль күни Наманган ўалаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 2-3-май күнлери ўәлаятқа сапары даўамында берген тапсырмаларын орынланыўын тәмийинлеў бойынша белгили бир жумыслар әмелге асырылды. Санаат, транспорт, қурылыс, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў сыяқлы тармақларды избе-из раўажландырыў, турақ жайлар қурыў, халықтың абаданлығын жоқарылатыўға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Наманган ўәлаятына бул ретки сапарын Тўрақўрғон ыссылық электр станциясының қурылысы менен танысыўдан баслады.

Елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы артыўы электр энергетика тараўының турақлы раўажланыўына байланыслы. Сонлықтан системаны модернизациялаў, тараўға заманагөй технологияларды тартыў электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлығын буннан былай да арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Преспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.

Тўрақорған районында қурылып атырған қуўатлылығы 900 МВт болған ыссылық электр станциясы усындай инвестициялық жойбарлардан бири болып табылады. Усы ЫЭСтың  иске қосылыўы Ферғана алабындағы халықты ҳәм санаат кәрханаларын үзликсиз электр энергиясы менен толық тәмиийнлеўге хызмет етеди.

Жойбардың баҳасы 1 миллиар 195 миллион АҚШ долларынан аслам болып, Японияның «Mitsubishi Corporation» ҳәм «Mitsubishi Hitachi Power Systems»консорциумы тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбар Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA),  Өзбекстан тиклениў және раўажланыў қоры ҳәм «Өзбекэнерго» АЖ қаржылары тийкарында қаржыландырылмақта.

Дөретиўшилик жумысларына 2 мың 400 ден аслам миллий ҳәм сырт елли қәниге ҳәм жумысшылар тартылған. Жойбардың излеў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары Түркияның «СaIik Enerji» компаниясының иженер-техниклери тәрепинен алып барылмақта.

Ҳәзирги күнде электр энергия ислеп шығаратуғын тийкарғы агрегатлардан биринши ҳәм екинши блок трансформаторлары, газ трубина, қазан утилизаторлар, пуўландырыўшы трубинасы ҳәм басқа да әсбап-үскенелер монтажланды. Қалған электр қурылма электр агрегатлары келтирилип орнатылмақта.

ЫЭС аймағында сыртқы коммуникация жумыслары жуўмақланған, ишимлик суў тармағы тартылған. Объект «Сўх-Наманган» магистрал газ тармағы арқалы жанармай, Үлкен Наманган каналынан техникалық суў менен тәмийинленеди.

Станцияның биринши пуў-газ үскенеси усы жылдың сентябрь айында, екиншиси декабрь айында иске түсирилиўи режелестирилген. Буның нәтийжесинде жылына қосымша 6,7 миллиард кВт/cаат электр энергиясы ислеп шығарылады. 300 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз бул жойбардың үлкен стратегиялық әҳмийетке ийе екенин, станция алаптағы ўәлаятлардың  экономикалық потенциалын буннан былай да көтериў ҳәм халықты исенимли электр энергиясы менен тәмийинлеў имканият беретуғынын атап өтти.

Ыссылық электр станциясын табыслы иске қосыў ҳәм пайдаланыў, буның ушын тараўға қәнигелескен жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша көрсетпелер берди.

Ўәлаятқа сапар етиў даўамында Президенттиң кортежи күтилмегенде Тўрақўрған районындағы дийқан базары қасында тоқтады. Мәмлекетимиз басшысы халықтың арасына кирип, адамлар менен шын кеўилден сәўбетлести.

Шавкат Мирзиёев елимиздиң экономикасын турақлы раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў жолындағы рефоромалар халық пенен мәсләҳәтлесип даўам еттирилетуғынын атап өтти. Атап айтқанда, Наманган ўәлаятының ҳәр бир районына үлкен муғдарда инвестициялар киргизиў, жаңа кәрханалар, санаторийлар, мектеплер, бақшалар қурыў, жумыс орынларын жаратыў бойынша үлкен жойбарлар басланғанын атап өтти.

Район халқы Президентимиздиң сапарынан шексиз қуўанышқа бөленип, реформалардың нәтийжелери ҳәр бир тараўда сезилип атырғанын билдирди. Наманган ўәлаяты, улыўма алғанда, елимиз   турмысында жүз берип атырған өзгерислер ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Халық пенен сәўбетлесиў, бәрқулла халық пенен бирге болыў Шавкат Мирзиёевтиң жумысының баслы өлшеми екенин атап өтиў керек. Президентимиз ҳәр бир аймаққа, соның ишинде, 2017-жылы Тўрақўрғон районына сапар етиў ўақтында да адамлар менен сәўбетлескен еди.

Мәмлекетимиз басшысы Тўрақўрғон районындағы Ахсикент археологиялық естелик комплексин барып көрди.

Ахсикентте эрамызға шекемги III әсирде тийкар салынған болып, Уллы жипек жолының тийкарғы қалаларынан бири болған. Тарийхий дәреклерде, атап айтқанда, «Бабурнама»да кенттиң айрықша әҳмийети ҳаққында көп жазылған. Бурыннан бул жерде жер асты суў имараты болғаны себепли қорғаныў ушын қолайлы болып есапланған.

60 гектарға шамалас бөлеги сақланып қалған Ахсикент қалдықлары Ферғана алабындағы ең үлкен археологиялық естеликлер. Археологлар тәрепинен темиршилер устаханасы, X-XIII әсирлерге тийисли монша қалдықлары, әскерлердиң ханалары, жоме мешити, қорғаныў дийўаллары, жер асты ирригация тармақлары, өнерментлер мәканы, ҳүкимдар резиденциясы – Арк қазып үйренилген.

Президентимиздиң тапсырмасына бола, 2017-жылы Ахсикент тарийхый естелигин қастерлеп сақлаў ҳәм изертлеў, оның ҳақыйқый тарийхын жаратыў бойынша үлкен жумыслар басланды. «Ахсикент» археологиялық мийрасы объектин қорғаў және изертлеў дирекцияси» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилди.

Бул естелик Наманган ўәлаятының туристлик потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиздеги ҳәм сырт елдеги туристлик көргизбелерде әййемги Ахсикент ҳаққында да презентациялар өткерилмекте. Буның нәтийжесинде жергиликли ҳәм сырт ел туристлери арасында тарийхый естеликке қызығыў артпақта. Ҳәзирги күнге шекем Бельгия, Австрия, Япония, Қубла Корея, Россия, Иран, Пакистан, Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлерден туристлер келген. Зыярат орынларын изертлеў, оның сулыўлығын  және  туристлердиң санын арттырыў мақсетинде арнаўлы концепция ислеп шығылған. Ҳәзирги ўақытта усы тийкарда Ферғана алабында ишки туризмди раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Президентимизге Ахсикент комплексиниң бас режеси, оның изертлеў жумыслары алып барылған объектлери, аймақта қурылатуғын туристлик комплекс жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Оған бола, бул жерде музей қурылады. Ахсикенттиң бурынғы даңқын тиклеў мақсетинде рәмзий дәрўаза қурылады. Омаршайх Мирзо ҳәм Бабурдың Камолодидин Беҳзод жаратқан сүўретлери тийкарында естелиги орнатылады. Туристлер ушын Сырдәрья бойлап қайықларда сейил етиў, түйеде ески қаланы тамашалаў имканияты жаратылады. Бир сөз бенен айтқанда, әҳмийетли инфраструктура жаратылып, Ахсикент туризм мәнзилине айландырылады.

Ахсикент – уллы тарийхымыздың айнасы. Ата-бабаларымыз жасаған, қаҳарманлық көрсеткен бул мәнзилде тарийхымызды тиклеў ушын жүдә үлкен дәрек, өтмиш дәреклери бар. Биз усы ўақытқа шекем тек ғана белгили қалаларымыздың тарийхын үйрендик, бундай орынларға итибар етпедик. Руўхый дүньямызды байытпақшы болсақ, жасларымызды ата-бабаларымыздың ҳақыйқый мийрасынан хабардар етип өсириўимиз, халқымызға жеткериўимиз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев комплексте әййемги  тарийхымызды үгит-нәсият ететуғын фестиваль өткериў, Наманган мәмлекетлик университетинде археологиялық билим бериў бағдарларын ашыў бойынша усыныслар берди. Тарийхты тарийхый объектлерде оқытыў, мектеп ҳәм университеттеги әмелий шынығыў және сабақлардың айырымларын усы жерде өтиў кереклигин атап өтти.

Мәмлекетимизде исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кең имканиятлар жаратылған. Заман менен тең қәдем таслап жумыс ислеп, өтимли ҳәм экспортқа жарамлы өним ислеп шығарып атырған исбилерменлердиң қатары кеңеймекте.

Наманган ўәлаяты Тўрақўрғон районындағы «FT TEXTILE GROUP» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қәлпиндеги қоспа кәрхана мине усындай исбилерменлик субъектлеринен бири болып есапланады. Бүгинги күнде кәрханада таярланып атырған ийирилген жип өнимлери Қытай, Россия, Түркия ҳәм Украинаға экспорт етилмекте.

Кәрхана «Шаҳанд» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан, Исбилермен Зафар Раҳимов дерлик бүлинген жағдайға келген имаратты сатып алып, жумысты заманагөй жип ийириў үскенелерин орнатыўдан баслады. Имарат оңланғаннан соң Германиядан ең соңғы маркадағы заманагөй жип ийириў машиналары алып келинип орнатылды. Басқа да зәрүр үскенелер сырт елден алып келинди. 2018-жылы кәрхананың биринши басқышы жумыс баслады.

Кәрхананың жумыс баслаўы Боғишамол, Дукат, Темирқишлоқ, Олчин, Ахси сыяқлы аўылларда жасаўшы 300дей пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын берди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жылына 15,6 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарылмақта. Жыллық экспорт көлеми 10,2 миллион доллар.

Кәрхана өзин электр энергиясы менен толық тәмийинлеў имканиятына ийе. Бул жерге Германиядан ең заманагөй газогенератор келтирип орнатылған. Ол карханада электр энергиясының үзликсиз болыўын тәмийинлейди. Жумыс процесинде пайда болатуғын ыссы суў да зая болмайды. 9 гектар ыссыхананы ыссылық пенен тәмийинлеўге жетеди. Демек, «FT TEXTILE GROUP»  елимиздеги өзин электр энергиясы менен тәмийинлейтуғын кәрхана болды.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана жумысы менен танысты, жумысшылар менен сәўбетлести. Бундай кәрханаларды және де көплеп қурыў, пахта шийки затынан таяр өним ислеп шығарыўды көбейтиў кереклигин атап өтти.

– Елимизде өз жумысына инновациялық қатнас жасайтуғын исбилерменлердиң жаңа әўлады пайда болмақта, – деди Шавкат Мирзиёев. – Олардың қатарын кеңейтиўимиз, бәрқулла қоллап-қуўатлаўымыз керек.

Президентимизге кәрхананың екинши басқышында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Онда 200 жумыс орнын жаратыў, жылына қосымша 20,8 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў режелестирилген. Бул басқыш жуўмақланғаннан соң, өндирис қуўатлылығы жылына 36,1 мың тоннаға, экспорт көлеми 25,2 миллион доллар, улыўма жумыс орны 500 ге жетеди.

Наманган ўәлаятында Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги елшиханалары менен биргеликте әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы да өткерилди. Онда 43 перспективалы жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Автомобильлер жақтыландырыў шырақлары, мопед, скутер, мотоцикл ҳәм мотороллер, сондай-ақ, Поп районында «Uz youcheng group» қоспа кәрханасында режелестирилип атырған текстиль тоқыў станокларын ислеп шығарыў жойбарлары усылардын қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы Наманган районындағы қусшылыққа қәнигелестирилген «Golden egg of Namangan» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Бул кәрханада Германия, Канада, Россия, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден заманагөй технологиялар алып келинип орнатылған. 44 адам мийнет етип атырған кәрханада 2018-жылы 107 миллион дана мәйек ҳәм 3,3 мың тонна қус гөши, 4,6 миллион бас шөже жетистирилди. Бүгинги күнде кәрхананы қусшылық кластерине айландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз қусшылықты буннан былай да раўажландырыў ушын кредитлер ажыратыў, тараў ушын қәнигели кадрлар таярлаў, заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев Наманган қаласындағы «Art Soft TexGroup» кәрханасына барды.

Бул жерде ҳәр қыйлы өлшемдеги ҳәм реңлердеги сүлгилер, халат, тыслар ҳәм басқа да өнимлер таярланбақта. Олар ишки базарға, сондай-ақ, Россия, Украина, Молдова, Болгария ҳәм басқа да қоңсылас еллерге жеткерип берилмекте. Өткен жылы 290 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 9,4 миллион доллар муғдарындағы өним экспорт етилген.

Наманган қаласы, Риштон ҳәм Янгиқўрғон районларында кәрхананың бир неше цехлары бар. Оларда 2 мыңнан аслам адам мийнет етеди. Жақында таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў комплекси иске түсирилиўи менен және мыңға шамалас жумыс орны жаратылды.

«Art Soft TexGroup» жумысын кеңейтип, кластер усылында ислеўге өтпекте. Кәрхана ушын Мың булақ ҳәм Поп районларынан жер ажыратылған, аўыл хожалық техникалары сатып алынған.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың келешектеги режелери менен қызықты. Оның қурамында пахта тазалаў, туқым жетистириў, дән өнимлерин қайта ислеў кәрханалары, ыссыхана шөлкемлестириў, мал бағыў, жем ислеп шығарыў жолға қойылыўын мақуллады.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта қусшылықты, балықшылықты, шарўашылықты, пал ҳәррешиликти, қоян бағыўды, интенсив бағшылықты раўажландырыў, ирригация ҳәм мелиоративлик илажларды әмелге асырыў, резервтеги жерлерди пайдаланыўға киргизиў жойбарлары менен таныстырыў өткерилди.

Және бир жойбарда жер ҳәм кадастр системасында жаңа инновацияларды енгизиў бойынша мағлыўмат берилди. Жаңа система блокчейн усылында қолланылады. Инновациялық усыныслар бойынша, бул система арқалы объектти дизимге алыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, портал арқалы жер ажыратыў нәзерде тутылмақта. Сол тәризде электрон кадастр паспортын алыў мүддети 50 күннен 2 күнге түседи. Мәмлекетимиздиң «Doing business» рейтингинде дәслепки 30лыққа кириў имканияты пайда болады.

Президентимиз жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин арттырыў, оларды тезирек иске түсирип, халықты жумыс пенен тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Чортоқ районында қурылып атырған «Чортоқ ресортс» санатория-саламатландырыў орайы менен танысты.

Бул санатория қурылып атырған орын жақынға шекем қараўсыз жер еди. Жергиликли исбилерменлер ҳәм сырт ел инвесторларының жәми 25 миллион долларлық инвестициясы есабынан бул жерде 15 гектардан аслам майданда заманагөй дем алыў орны қурылмақта.

Бул ўәлаятта медицина туризми және экотуризмди раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады. Санаторияның йод, бром, радон ҳәм басқа да минералларға бай шыпалы суўы ҳәрекет таяныш-ҳәрекет ағзалары, жүрек-қан тамыр және нерв системалары, эндокринологиялық ҳәм тери кеселликлерин емлеўде жақсы нәтийже береди. Санатория 230 орынға мөлешерленген. 250 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Орайға бул қәнигеликлер бойынша қәнигели шыпакерлерди тартыў, шәртнама тийкарында германиялы қәнигелердиң қатнасыўында медициналық тексериўлер шөлкемлестириў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта емлеў ҳәм жатақ жай имаратлары, шаңарақлық дем алыўшылар ушын коттеджлер, заманагөй мийманхана қурылған. Ҳәўли ҳәм жолларды жақтыландырыў ушын қуяш панельлери орнатылған.

Және бир итибарлы тәрепи, дем алыў орнында иппотерапия жолға қойылады. Бул таяныш-ҳәрекет ағзалары ҳәм киши жанбас кеселликлерин емлеўге жәрдем береди.

Президентимиз бул саламатландырыў орайында жаратылған шараятларды көзден өткерди. Чортоқта және көплеген санаториялар шөлкемлестириў, оларды арзан, орта ҳәм қымбат тәризде классификациялаў арқалы халықтың барлық қатламларын қамтып алыў, бәсекини тәмиийнлеўдиң есабынан хызмет баҳасын төменлетиў бойынша тапсырмалар берди.

Бизиң регионымызда йод жетиспейди. Сол жағынан Чортоқтың йодқа бай суўы халқымыз ушын жүдә пайдалы. Бирақ бул жерди көпшилик билмейди, айырымлар жолдың узақлығынан қыйналады. Соның ушын елимиздиң барлық жеринен дем алыўшыларды бул жерге тартыў керек. Халқымыз, әсиресе, балаларымыздың саламатлығы биз ушын ең әҳмийетлиси, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы «Chortoq mineral water» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қуўатлылығын кеңейтиў жойбары менен танысты. Қадақланған суўды жылына 20-30 миллион данаға шекем арттырып, оларды елимиздеги бақшалар, жазғы дем алыў орынлары, емлеўханалар, социаллық дәриханалар, супермаркетлерге жеткерип бериў зәрүрлигин атап өтти.

Бул жерде Чортоқты экологиялық қалаға айландырыў, Жәҳән банки менен биргеликте орташа қалалар инфраструктурасын раўажландырыў жойбары шеңберинде Чортоқ қала орайын қайта қурыў, Наманган аэропортын кеңейтиў ҳәм қалалараралық автобуслар қатнаўын тәртипке салыў, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы жойбарлар менен таныстырыў өткерилди. Президентимиз бул режелерди мақуллап, оларды жетилистириў ҳәм системалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

Ўәлаяттың таўлы районларында алма, қәрели сыяқлы аймақтың ықлымына сай мийўелер жетистириў, оларды қайта ислеў, шаңарақларда пал ҳәррешиликти, қусшылықты жолға қойыў, сол арқалы халық ушын қосымша жумыс орынларын және дәрамат дәрегин жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз Наманган қаласындағы «Best Market» супермаркетине барып өнимлердиң баҳасы ҳәм сапасы менен қызықты. Баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ушын жергиликли өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм халықтың мүтәжлигин қанаатландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.

ӨзА