Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Байрамбай Отемуратов басшылығындағы делегациясы рәсмий сапар шеңберинде 26-февраль – 1-март күнлери аралығында Россия Федерациясының Сочи мәмлекетлик университети ҳәм Кубан мәмлекетлик университетлеринде болды.

Сапар шеңберинде институт ректоры Кубан мәмлекетлик университети ректоры Михаил Астаповтың қабыллаўында болып, рәсмий шеңберде ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда дефектология, педагогика ҳәм туризм тараўлары бойынша экспертлер пикири, бағдарламалар ҳәм оқыўлық-методикалық әдебиятларды алмасыў, сондай-ақ, рус тилин үйретиў, оқыў орынлары арасында профессор-оқытыўшылар, илимий хызметкерлер ҳәм студентлерди алмасыў, оқыўлық бағдарламаларды биргеликте ислеў бойынша еки тәреплеме ислесиўдиң әҳмийети атап өтилди.

Еки жоқары оқыў орны арасында қоспа факультет ашыў, Кубан мәмлекетлик университетиниң тәжирийбели профессор-оқытыўшыларының қоспа факультетте сабақ бериўи, сондай-ақ, институт студентлерин Кубан мәмлекетлик университетиниң жазғы мектеплерине жибериў мәселелери бойынша келисимге қол қойылды.

Сапар даўамында, Сочи мәмлекетлик универститетиниң оқыў ислери ҳәм билимлендириў сапасы мәселелери бойынша проректоры В.Ердакова, илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры Д.Попов, социаллық-педагогикалық факультети деканы И.Иванов ҳәм халықаралық байланыслар бөлими баслығы Л.Белослутцевалар менен болып өткен ушырасыўда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети деканы М.Сарыбаев еки жоқары оқыў орны арасында бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Ушырасыў даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Сочи мәмлекетлик университети арасында билимлендириў ҳәм педагогикалық илимлер бағдары бойынша қоспа факультет ашыў бойынша келисимге ерисилди.

Институт делегациясы рәсмий сапарлар даўамында Сочи мәмлекетлик университети ҳәм Кубан мәмлекетлик университетлериндеги оқыў процеси, жаратылған шараятлар ҳәм оқыўлық-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлениў дәрежеси менен жақыннан танысты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.