Ташкент қаласында 28-февраль күни Саўда-санаат бойынша Өзбекстан-Уллы Британия кеңесиниң 24-мәжилиси шөлкемлестирилди.

Пайтахтымыздағы Халықаралық бирге ислесиў орайында өткерилген илажда мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм шөлкемлери, исбилерменлик топар ўәкиллери, Уллы Британия Бас Министриниң саўда мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили, баронесса Эмма Никольсон басшылығындағы 60 тан зыят компания ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки ўәкиллери қатнасты.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Элёр Ғаниев мәмлекетимизде соңғы жылларда инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталықты жаратыў, еркин базар экономикасына өтиўге қаратылған реформалардың избе-из алып барылып атырғанын атап өтти.

-Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемдеги реформалар буннан былай да үзликсиз даўам етеди,-деди Э.Ғаниев.-Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлер еркин базар экономикасын айрықша қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетте қолайлы исбилерменлик орталығын қәлиплестириўдеги умтылыўларда да көзге тасланады.

Саўда-санааты бойынша Өзбекстан-Уллы Британия кеңеси еки тәреплеме келисимге муўапық, 1994-шөлкемлестирилген. Мәмлекетлеримиз арасында саўда-инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўда усы кеңестиң орны әҳмийетли. Кеңестиң бул ретки мәжилисинде Уллы Британиядан 100 ден зыят исбилерменниң қатнасқаны сырт ел инвесторларының мәмлекетимизге болған исениминиң беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Илажда Уллы Британия Бас министриниң саўда мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили, баронесса Эмма Никольсон Өзбекстан экономикасына инвестиция киргизиў нийетинде болған британиялы инвесторлар санының көбейип атырғаны, бул билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда өз-ара бирге ислесиў ҳәм саўда қатнасықларын және де раўажландырыўға имканият жарататуғынлығын атап өтти. Уллы Британия Өзбекстанда алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин мәлим етти.

-Мәмлекетлеримиз арасында жақын шериклик қатнасықлары орнатылған,-деди баронесса Эмма Никольсон.-Соңғы еки жылда Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар өз-ара қатнасықлардағы жақынлықты және де күшейтпекте. Өзбекстан мәмлекеттиң имиджин беккемлеўге қарай қәдем таслап, халықаралық рейтинглерде Өзбекстан «BB-» дәрежедеги көрсеткишке ийе болмақта. Булардың барлығы мәмлекетиңизде макроэкономикалық турақлылықты ҳәм перспективаларын жақсылаўға қаратылған реформалардың нәтийжеси болып есапланады.

Әнжуман сектор   мәжилислеринде даўам етти. Онда инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың жаңа имканиятлары, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўдиң перспективалары, Өзбекстанда жойбарларды қаржыландырыў сыяқлы мәселелер бойынша өз-ара пикир алысылды.

Саўда-санаат бойынша Өзбекстан-Уллы Британия кеңеси мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизде Президент мектеплери, халықаралық стандартларға сай жоғары билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, Қашқадәрья ўәлаятында аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўге мөлшерленген комплекс, көп тармақлы «London Clinic» емлеўханасын қурыў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.

Еки мәмлекет исбилерменлер топары ўәкиллери қатнасыўында «G2G» «G2B» «B2B» форматындағы сөйлесиўлер өткерилди.

Малоҳат Ҳусанова,

ӨзАның хабаршысы