Әзиз зәбердес дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери!

Үлкен өзгерислер, уллы жаңаланыўлар дәўиринде жасамақтамыз. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм абаданлығын арттырыў бағдарында узақты ойлап алып барылып атырған реформалар нәтийжесинен кеўлимиз таўдай көтерилмекте, кеўиллеримиз мақтанышқа толмақта.

Елимиздиң барлық аймақларында мийнетинен берекетли болып атырған тәжирийбели дийқанлар көпшиликти қурайды. Қыйтақ жер ҳәр бир шаңарақтың мисли ғәзийне дәреги, пайызлы орны. Ҳәзирги ўақытта елимизде 4,5 миллионнан аслам дийқан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери 445 мың гектардан аслам егислик майданда мийнет етпекте.

Өнимдарлы жеримиз, дәрамат алыўға қыйтақ жеримиз бар екен, бәрқулла оннан өнимли пайдаланыў, шаңарақларымызды абат, жасаў шараятымызды үлгили тәризге келтириў ниейтинде болайық. Бундай тәртип-қағыйдалар тийкарында ер жеткен перзентлеримиз де жақсы жасаўға умтылып, өзиниң келешеги ушын шын кеўилден ҳәрекет етеди.

Дийқаншылықта бәҳәрдиң бир күни жылға татыйды. Көпти көрген, тәжирийбели дийқанларымыз пасыллар алмасып атырған, көк шөплер тамыр жайып, бөртик жарып атырған бул бийтәкирар ўақытта қандай жумыслар ислеў зәрүрлигин жүдә жақсы биледи. Тәбияттың қырсықлықлары менен гүресе берип мийнетте пискен дийқанларымыз ҳәзирги күнлерде ҳәр бир минуты ғәниймет билип, оннан өнимли пайдаланады. Ҳәр бир қыйтақ жер ийеси овощ, картошка, палыз өнимлери ҳәм мийўелер жетистирип шаңарақтың зәрүрлигинен аўысқанын базарға шығарыў арқалы қосымша дәрамат табыўға ҳәрекет етеди.

Бүгинги күнде дийқанларымыз ҳәм қыйтақ жер ийелериниң алдында турған биринши гезектеги ўазыйпа өз ҳәўлиси, қыйтақ жерлерин тәртипке келтириў, жерге туқым себиўге таярлық көриў болып табылады. Бул ушын ҳәўли, қыйтақ жерлердеги егин егилетуғын майданлардың салмалары шөплерден тазаланыўы, мийўели дарақлардың түби жумсартылыўы, түрли зыянкеслерден қорғаў мақсетинде олар ҳәклениўи керек. Себеби ҳәзир мийўели дарақларды да ҳәр қыйлы зыянкеслерге қарсы қайта ислеўдиң әйне ўақты. Бул жумыслар әмелге асырылса, ҳәўлилер, шаңарақлар абат болады. Өйткени, абат мәҳәлле абат шаңарақлардан басланады.

Екиншиден, ҳәр бир қыйтақ жер ийеси тез жерди егиўге таярлаўы, гүзде шүдигарланбай қалған жер болса, тез аўдарып, тегислеп, жергиликли төгинге байытып, ерте писетуғын овощ егинлери, картошка, палыз егинлериниң туқымын таслаўға таяр етип қойыў, плёнка астына егилетуғын егинлерди болса кешиктирмей егиўи керек.

Үшиншиден, ҳәр бир шаңарақ ийеси бир ай даўамында қыйтақ жериниң ҳәр бир сотыхы есабынан орташа бир түптен, бир қыйтақ жерде орташа 10 түп аймаққа сай болған дәраматлы ҳәм зүрәәтли мийўели дарақ нәллерин егиў усыныс етиледи.

Төртиншиден,  ҳәр бир дийқан қыйтақ жер қосымша дәрамат дәреги екенин бәрқулла ядында сақлаған ҳалда, қолда бар егислик майданлардан үш мәртеге шекем зүрәәт алыўға шын кеўилден ҳәрекет етиўи, бул жерде ҳәр бир шаңарақта 1-2 сотыхлы ықшам ыссыхана қурыў арқалы алдынғы дийқанлардың тәжирийбе мектебин өзлестириў зәрүр.

Бесиншиден, ҳәр бир шаңарақ ийесиниң имканияты ҳәм уқыбына қарай, 100 таўық, 20 түйетаўық, 10 қой ямаса ешки, 2-3 қуты пал ҳәрре уясы, түйеқус ҳәм басқа да шарўа малларын бағыўы да шаңарақтың дәраматын көбейтиўге хызмет етеди.

 

Ҳүрметли аўылласлар!

Соны айрықша атап өтиў керек, аўыл хожалығындағы реформалардан гөзленген мақсет – экономикалық пайда көриў менен бирге, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыўдан ибарат болып табылады. Сол себепли, 25-февральдан баслап мәмлекетимизде дийқаншылық бойынша ылғаллы айлық, деп жәрияланды. Бул айлықты ҳәр бир аймақтың өзине сай өзгешеликлерин есапқа алып, көпти көрген, дийқаншылықта сүйеги қатқан нуранийларымыз өз шеберликлерин жасларға жеткериў ушын тәжирийбе мектеби айлығы, деп түсинген ҳалда жумысларды шөлкемлестирсек, ҳәмме ушын пайдалы болады. Бунда аўыллардағы жап-салмаларды тазалаў, тереклерди ҳәклеў сыяқлы жумысларда мәкан белсендилериниң басшылығында бир жағадан бас шығарып, белсене қатнасайық. Үйме-үй жүрип, мәҳәлледе кем тәмийинленген шаңарақлардың өз қыйтақ жерлеринде дийқаншылық пенен шуғылланып, өзлерин тиклеп алыўына жәмлесип жәрдем берейик. Мәҳәлле миллетимиздиң аўызбиршилигин беккемлейтуғын, өз-ара тәжирийбе алмасыўды тәмийинлейтуғын уқсасы жоқ институт екени мине усындай ийгиликли ислерди шөлкемлестириўде айқын көринеди!

Халқымызда «Жерди бақсаң – жер де сени бағады», деген даналық бар. Жер ҳадаллықты, итибарды талап етеди. Ким оны алдайман, десе, елди, өзин алдаған болады. Қалаберди, Пайғамбарымыз (с.а.ў)дың «Адамның өз қолы менен ислеген мийнети және ҳәр қандай гүманлы ҳәм қыянеттен жырақ болған саўда», деген ҳәдислерине әмел етип, пидайы мийнет етип, ҳадал жол менен ырысқы-несийбемизди табыўымыз керек!

Әзиз мийнеткеш дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери!

Қыйтақ жерден дәрамат алыў мақул ма ямаса үш есе салық төлеў ме?

– жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыў ушын белгиленген жер участкаларының қыйтақ жер бөлегинде тийкарсыз түрде аўыл хожалығы егинлерин екпеген ямаса оны абаданластырмаған жер ийелерине белгиленген жер салығы ставкасының үш есеге арттырылған муғдары қолланылады;

– дийқан хожалығын жүргизиў ушын турақ жай қурыў ҳуқықысыз берилген жер участкаларында аўыл хожалығы егинлерин екпегенлердиң оған болған ийелик ҳуқықы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бийкар етиледи;

– егислик жерлерден мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланып, егин түрлерин толық еккен, агротехникалық илажларды өз ўақтында, сапалы орынлаған, жылына кеминде еки ямаса үш рет жоқары зүрәәт алған және қыйтақты абаданластырған, қара маллар ҳәм қуслардың бас санын сақлаған ҳәм көбейтиўге ерискен қыйтақ жер ийелерине жер салығы ставкасын төменлететуғын жеңилликлер қолланылады.

Елимизде «Алдынғы фермер», «Зәбердес дийқан» ҳәм «Үлгили қыйтақ жер ийеси» сыяқлы көкирек белгилериниң шөлкемлестирилиўи де дийқанларымыздың мийнетине болған итибардың айқын дәлили болып табылады. Бул – халқымыздың дастурханын абат, турмысын абадан етиў менен шуғылланып атырған, дөретиўшиликке өмирин, меҳрин бағышлаған азамат дийқанларымыз ушын мүнәсип итибар болып табылады.

Сизиң өз қыйтақ жериңизде бәнтлигиңиз – келешекте пенсия тәмийнаты бойынша жумыс стажы болып есапланыўы ушын да әжайип имканият жаратылған. Бул ушын дийқан хожалығы ҳәм 4 сотыхтан кем болмаған қыйтақ жеринде бәнт болған ямаса участкада қарамал яки 50 ден аз болмаған қус бағып атырған физикалық шахслар Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына жылына ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында қамсызландырыў төлемин төлеген жағдайда, қамсызландырыў төлемин төленген жыл мийнет стажына киргизиледи.

Сондай-ақ, жеңил конструкциялы ыссыханалар орнатыў, туқымлар, нәллер ҳәм суўғарыў қуралларын сатып алыў ушын «Томорқа хизмати» ЖШЖ, халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайы және қыйтақ жер ийелери арасында дүзилген үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында ең кем айлық мийнет ҳақының 3 есесинен 10 есесине шекем болған муғдарда субсидиялар бериледи.

Ҳәр бир районда шөлкемлестирилген «Томорқа хизмати» ЖШЖлер аймақтағы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, онда, топырақ-ықлым шараяты ҳәм суў менен тәмийинленген жағдайынан келип шығып қайсы түрдеги егинлерди егиў, тәрбиялаў, өнимди жыйнап алыў және оны сатыў бойынша әмелий жәрдемлер көрсетеди.

Сондай-ақ, Кеңес жанында бир қатар хызметлер шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, «Аўыл бизнеси ушын мәсләҳәт хызмети» унитар кәрханасы консалтинг хызметлерин көрсетсе, Агро мәлимлеме инновация орайы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине сырт мәмлекетлердиң аўыл хожалығы тараўындағы алдынғы тәжирийбелерин енгизиў бойынша усыныслар береди. Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры болса Сизлерге үш жыл мүддетке, соның ишинде, 1 жылға шекем жеңилликли дәўир менен 2 процентли банк маржасын есапқа алған ҳалда жыллық 7 процент ставкада кредитлер береди.

 

Ғайратлы, кеңпейил фермерлер!

Сизлерди қыйтақ жериңизде шаңарағыныздың мүтәжлиги ушын  өним жетистириў менен бирге, хожалығыныз жумысшыларына өз қыйтақ жеринде дийқаншылық етиўи ушын да жәрдем бериўге шақырамыз. Сизлердиң бул бағдарда көрсеткен ғамқорлығыныз олардың күшине күш, ғайратына ғайрат қосады. Умытпаң, фермер хожалығы жумысшыларына көрсетилген итибар ҳәм ғамқорлық Сизлер гүзде алатуғын мол зүрәәтке беккем тийкар ўазыйпасын атқарады.

Әзиз ўатанласлар, қыйтақ жерлеримизде овощ ҳәм палыз өнимлерин, ҳәр түрли мийўелер жетистирип, халқымыз дастурханының молшылығын, турмысымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолындағы имканиятларымыздан нәтийжели пайдаланайық!

ӨзА