Усы жыл 26-фебраль күни Ташкент қаласында «Өзбекстан ҳаял-қызларының ең жақсы 100 инновациялық жойбары» атамасындағы  республикалық таңлаўы өткерилди.

Таңлаў Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Ойлап табыўшы ҳаял-қызлар» орайы тәрепинен шөлкемлестирилген болып, онда ҳаял-қызлардың инновациялық идеялары (көргизбели материаллары (буклет, видеоролик, макет, техник исленбелери ҳәм де ислеп шығарылған өнимлериниң үлгилери), жойбарлары ҳәм исленбелери таныстырылып, 10 номинация бойынша жеңимпазлар анықланды.

Бул таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан келген излениўшең қызлар өзлериниң инновациялық жойбары менен қатнасты.

Таңлаўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Техника» факультети «Инженерлик коммуникациясы қурылысы ҳәм монтажы» қәнигелигиниң 4-басқыш студенти Сайёра Асанова «Жергиликли ақаба суў системаларында сертиклерден пайдаланыў» атамасындағы инновациялық жойбары менен қатнасып, «Ойлап табыўшы қыздың ең жақсы келешек инновациялық жойбары» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

 

С.Асанованың билим алыўға қызығыўшылығы, излениўшеңлиги устазлары тәрепинен жоқары баҳаланды.

– Таңлаўға 4000 қыз инновациялық жойбары менен қатнасып, соннан 100 қыздың жойбары жеңимпаз деп табылды. Илимий басшым, доцент Дәнияр Жумамуратов пенен биргеликте «Жергиликли ақаба суў системаларында септиклерден пайдаланыў» атамасындағы инновациялық жойбары үстинде бирге иследик. Жойбарымда тийкарынан – қудықлардың тез толып кетиўиниң алдын алыў, оны ҳәр 6 айда тазалап турыў, қудықлардың хызмет етиў дәўирин узайтыў, сондай-ақ, қудықлардағы жарамсыз суўларды қайта ислеп, атызларды, қыйтақ жерлерди суўғарыўда утымлы пайдаланыўдан ибарат, – дейди таңлаў жеңимпазы Сайёра Асанова. – Усындай жетискенликке ерисиўимде устазларымның, Шоманай районлық ҳаял-қызлар комитетиниң жәрдемлери айрықша болды.

С.Асанова май айында қәнигелиги бойынша өткерилетуғын олимпиадаға қызғын таярлық көрмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы