28-февраль күни өз жумысын баслаған Сенаттың улыўмалық мәжилиси жыйналысында Ниғматилла Йўлдошев мектеп сабақлықларының таярланыўын сынға алды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Сондай-ақ, Сенат баслығы мектеп оқыўшыларының мәмлекетлик тил, ана тилин жақсы билмейтуғынлығын атап өтти. Мәселен, 8-класс оқыўшыларының ана тилинен өзлестириў дәрежеси мәмлекет бойынша 72 процент, 9-класс оқыўшыларының математикадан өзлестириўи болса 54 процентти қурайды.

«Әсиресе, ана тилинен өзлестириў Ташкент қаласында 58 процентти, Наманган ўәлаятында 32 процентти, математикадан өзлестириў Қарақалпақстанда 26 процент, Наманган ўәлаятында 23 процент, Ташкент қаласында 13 процентти қурағаны тәшўишли жағдай», – деп атап өткен Сенат баслығы.

Парламент билимлендириў сапасы, оның тийкарында пүткил миллет келешегине байланыслы болған усы мәселелер ҳәм машқалалар көлеми оғада кеңлиги, олар бойынша жуўапкер министрлик және ведомостволар, илимпаз ҳәм әмелиятшылар, экспертлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик мүнәсибети әҳмийетли екенлигин есапқа алып, улыўма билим бериў мектеплериниң сабақларын таярлаўдың бүгинги жағдайы бойынша бир неше сораўлар баян етилген парламентлик сораўды Бас министрдиң орынбасарына жоллаўды мақул деп тапты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги