Қанлыкөл районлық Ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен райондағы 19-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «1-март – шайыр Зульфия Исраилованың туўылған күни»не арналған әдебий кеше болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.

Шайырдың туўылғанына 104 жыл толыў мүнәсибети менен өткерилген кешеге Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң «Дөретиўши ҳаял» аўқамы баслығы, сенатор Г.Аннақлычева басшылығындағы дөретиўши ҳаял-қызлар қатнасты.

«Зульфия дөретиўшилигинде аналардың улығланыўы» ҳәм «Ҳаял – жәмийет көрки» атамаларында өткерилген илажда кең жәмийетшиликке белгили болған дөретиўши ҳаял-қызлар сөзге шығып, шайыр Зульфия менен ушырасыўларын еске түсирди ҳәм оның дөретиўшилик мийраслары ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, шайырға арнап жазған қосықларын оқып берди.

Кешеде райондағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Н.Алламбергенова Зульфия Исраилованың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында баянат жасады.

Кеше Қарақалпақстан халық артисти Б.Өтепбергенованың жанлы ҳаўазда атқарған қосықлары ҳәм районлық мәденият тараўы хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги