Россияның Санкт-Петербург қаласында болған бокс кешеси алдынан өзбекстанлы қәнигелер-Набижон Исмонов ҳәм Зуфар Сулаймонов WBAның бурынғы чемпионы, ҳәзирги ўақытта сиясат әлеминде жумыс алып барып атырған Николай Валуев пенен ушырасты.

Сәўбетлесиў даўамында белгили боксшы өзбек боксине жоқары баха берип, мәмлекетимиз боксшилерине ҳәўес ететуғынлығын жасырмады. Ең тийкарғысы, бир неше жыллар бурын жерлесимиз, Руслан Чагаевқа қарсы өткерген беллесиўин толқынланып еске алып, беллесиў алдынан аңсатғана жеңиске ерисемен деп ойлағанын ҳәм ақыбетинде Руслан ушын аңсат олжаға айланғанын тән алды.

ӨзА