Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-ноябрь күни ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасқан Қырғызстан Бас Министри Сапар Исоқов, Армения Бас министри Карен Карапетян және Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Ёқуб Эюбов пенен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

Қырғызстан Бас министри Сапар Исоқов пенен ушырасыўда Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы көп қырлы байланыслар жедел раўажланып атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги ўақытларда болып өткен жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ҳәм олардың нәтийжелери еки тәреплеме қатнасықларды стратегиялық шериклик басқышына көтерди.

Қабыл етилген қарар ҳәм ерисилген келисимлердиң кең көлемде әмелге асырылыўын тәмийинлеў мәселеси, товар алмасыў көлемин буннан былай да арттырыў,  санаат ҳәм аўыл хожалығы салаларында кооперацияны раўажландырыў перспективалары додаланды.

Армения Бас министри Карен Карапетян менен ушырасыўда өз-ара байланыслардың қолда бар потенциалынан ҳәм имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлектимиз басшысы тәренпинен өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық саладағы байланысларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның нәтийжели жумысын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Ёқуб Эюбов пенен Өзбекистан ҳәм Әзербайжан арасындағы саўда, энергетика, транспорт ҳәм транзит тараўлары, сондай-ақ, басқа да әҳмийетли бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Күтилип атырған жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлардың экономикалық күн тәртибин пухта таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Қырғызстан, Армения ҳәм Әзербайжан ҳүкиметлери басшылары Өзбекистан Республикасы Президленти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм өз мәмлекетлери басшыларының жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў, еллеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиўди жаңа анық мазмун менен байытыў жолындағы жедел бирге ислесиўден тәреплер мәпдар екени атап өтилди.

ӨзА