Усы жыл 1-2-ноябрь күнлери пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанынан дүзилген «Жас репортёрлар» клубының семинар-тренинги болып өтти

Семинарда Кеңестиң жәмийетшилик пенен байланыслар бөлиминиң баслығы Ф.Юсупов тренерлик етти.

Биринши күни 29 қатнасыўшы репортёр социаллық тармақлардың пайдалы ҳәм қәўипли тәреплери, оннан пайдаланыў, блог ҳәм сайт туўралы мағлыўматларға ийе болды. Сондай-ақ, хат жазыў ҳәм пресс-релиз таярлаў бойынша билим алды.

Семинардың екинши күни 11 репортёр жеке блогин ашып, бесеўи телеграмм тармағында канал ашты. 2-ноябрьде репортёрлар арасында блоггерлер чемпионаты басланды. Жас репортёрлар 10 күн даўамында өзлериниң блогларына дәслепки блогпостларын қойыўы мүмкин. 5 басқышта даўам ететуғын чемпионатты 5 төреши баҳалап барады.

Илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги