Өзбекистан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының делегациясы усы жылдың 17-23-октябрь күнлери Түркия тутыныўшылардың ҳуқықлары ассоциациясының мирәтине бола усы мәмлекетте болып қайтты.

Делегация қурамында қарақалпақстанлы қәнигелер де болды.

Өткерилген ушырасыўларда делегация ағзалары  бир-бириниң жумыслары менен кеңнен танысты. Жумысларды жетилистириў бағдарында бир қатар пикир-усыныслар тыңланып, өз-ара тәжирийбе алмасылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында еки шөлкем арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды. Оған муўапық шөлкемлер арасында мағлыўмат алмасыў, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, тәжирийбе алмасыў, семинарлар өткериў нәзерде тутылған.

– Үш күнлик сапар даўамында үлкен мағлыўматларға ийе болдық. Сапар даўамында Түркияның тарийхый орынларына саяхат шөлкемлестирилди, түрли семинарлар, ушырасыўлар өткериў режелестирилди, тийкарғысы Түркия Тутыныўшылардың ҳуқықлары ассоциациясының бөлимлери менен туўрыдан-туўры бирге ислесиў мүмкиншилигин бериўши усыныслар ҳәммеге мақул болды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қоғаў жәмийетлери Федерациясының баслығы А.Урумбаев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги