Боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў шөлкемлери ассоциациясы ағзаларына 2024-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетте ушыўшысыз ушыў аппаратларын алып кириўге рухсат берилди. Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарарында атап өтилген, деп жазады Kun.uz.

Атап өтилиўинше, дронлар боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди жетистириў, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер плантацияларын қадағалаў және мониторингин алып барыў процесин нәтийжели басқарыўға жәрдем береди.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Пуқаралық авиациясы агентлиги зәрүрли ҳүжжетлер усынылған күннен баслап он күн мүддетте Ассоциация ағзаларына ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыўға рухсат бериў ҳаққында жуўмақ берилиўин тәмийинлейди.

Ассоциацияның боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер плантацияларын шөлкемлестиретуғын, сондай-ақ, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлерди қайты ислейтуғын ағзаларына 2024-жыл 1-январьға шекемги болған мүддетке:

А) Төмендегилерден:

– жер салығы, дәрамат салығы, юридикалық шахслардың мүлк салығы, бирден-бир салық төлеми, бирден-бир жер салығын төлеўден;

– өзлериниң өндирислик талаплары ушын республикада ислеп шығарылмайтуғын ҳәм алып келинетуғын технологиялық үскенелер, арнаўлы аўыл хожалығы техникалары, олардың аўысық бөлеклери, шийки затлар, соның ишинде, қурылыс материаллары, боян ҳәм басқа дәрилик өсимликлер туқымлары ҳәм нәллери, сондай-ақ, ушыўшысызушыў аппаратлары ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етиў;

Б) Плантациялар шөлкемлестириў ушын егиў материалларын (туқым, нәллер) таярлаў (жыйнаў) мақсетинде рухсатнама алыў ушын жыйымлар төлемин кешиктириў тәризинде жеңилликлер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги