Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баҳасы 100000 сум болған пул белгисин айланысқа шығарыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки 2019-жылдың 25-февралының баслап баҳасы 100 000 сум болған банкнот көринисиндеги жаңа пул белгисин айланысқа шығарады.

Баҳасы 100 000 сум болған банкноттың темасы (тематикасы) уллы өзбек алымы Мирза Улығбектиң жумысына ҳәм оның астрономия илиминдеги жетискенликлерине бағышланған.

Банкноттың өлшеми 144 х 78 мм. болып, арнаўлы қорғалған қағазда басып шығарылған.

Банкнотаның оң тәрепиндеги ақ овал бөлегинде Мирза Улығбектиң сүўрети көринисиндеги локал суў белгиси ҳәм 100000 саны көринисинде филигран суў белгиси жайласқан. Банкноттың оң тәрепиндеги қағаз қатламында кеңлиги 5 мм. 3D эффектке ийе болған, жоқары қорғалған, шүмиўши, банкнотаның үстинги қатламына шығыўшы қорғаў жиби жайластырылған. Жақтылық дәрегинде жип толық көриниске ийе болып, банкноттың қәлеген қыялық көринисинде жиптеги көринислерде жылжыў эффекти пайда болады. Алдынғы ҳәм арқа тәреплериниң фоны тийкарынан ашық сары ҳәм ҳаўа реңлеринен ибарат.

7a7c1414-167c-4ab5-ab31-7436f8e3ab01.jpg

Банкноттың алдынғы тәрепиниң шеп бөлегинде Мирза Улығбек естелиги сәўлеленген. Банкноттың жоқарғы бөлегиниң шеп тәрепинде реңи өзгериўшең 100000 саны жайластырылған болып, белгили бир қыялық мүйеште қаралғанда оның реңи қызыл реңнен сарыға өзгереди.

Банкнотаның төменги бөлегиниң шеп тәрепинде орнаменталлық көринис тийкарында (фонында)«UZB» көринисиндеги жасырын сүўрет бар болып, ол жақтылық дәрегине байланыслы белгили бир қыялықта көринеди. Банкноттың шеп тәрепинде жайласқан жасыл реңдеги арнаўлы элемент көзи әззи адамлар ушын мөлшерленген болып, бояўдың рельефи есабынан банкноттың баҳасын анықлаў мүмкин. Банкноттың жоқарғы бөлегинде, естеликтиң оң тәрепинде көп функциялы астролябия астрономиялық үскенесиниң көриниси жайласқан және ол регистр ўазыйпасын атқарып, «алдынғы» ҳәм «арқа» тәреплерин бир-бири менен сәйкес түсириў ушын хызмет етеди, жақтылыққа қаратылғанда арқа тәрепиндеги реңли фон менен көринис толықтырылады.

d1f0a23e-2e4d-4a57-a608-40ff6540cea8.jpg

Банкноттың жоқарғы бөлегиниң оң тәрепинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти бар.

Банкноттың жоқарғы оң мүйешинде Өзбекстан Республикасының Герби сары  реңде сәўлеленген.

Банкноттың орта бөлегинде қуяш системасының схемасы жайласқан болып, оның реңи көриў мүйешине қарап бронза реңинен жасыл реңге өзгереди.

Орбита шеңберинде қуяш системасының планеталары ҳәм алты кишкене планеталар түрли өлшемдеги сегиз қырлы жулдызшалар келбетинде жайласқан. Олардың реңи де белгили қыялықта өзгериўшең қәсийетке  ийе. Орбиталар шеңбериниң периметри әтырапында «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI» сөз бирикпеси көринисинде қайталаныўшы микротекст бар.

8bea7745-f059-416e-8065-08c20c8dc530.jpg

Банкноттың төменги бөлегиниң орайында «BIR YUZ MING SO’M» тексти жайласқан болып, оның астында «O‘ZBEKISTON SO‘MI RESPUBLIKA HUDUDIDA HAMMA TO‘LOVLAR UCHUN O‘Z QIYMATI BO‘YICHA QABUL QILINISHI SHART» жазыўы сәўлеленген.

Банкнотаның төменги оң мүйешиндеги 100000 саны еки түрли, яғный сары ҳәм жасыл реңде анық шегараланған ҳалда басылған. Банкноттың латын әлипбесиндеги еки ҳәрипли сериясы ҳәм жети ханалы саннан ибарат саны еки жерде басылған болып, төменги бөлегиниң оң тәрепиндеги бояў ферромагнит, шеп бөлегиндеги реңли майдандағы люминесцер өзгешеликке ийе.

Банкноттың арқа тәрепиниң шеп бөлегиндеги овал қәлпиндеги майданда да локал суўлы белгисин көриў имканияты бар. Шеп тәрепиниң жоқары мүйешинде гильоширли розетка майданында банкнот айланысқа шығарылған жыл көрсетилген.

Банкноттың орайында сары реңли Мирза Улығбек обсерваториясы сәўлеленген ҳәм оның үстинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» тексти түсирилген.

b4fbdb6e-90e0-42b8-9bc4-e2ecd55c7d51.jpg

Банкноттың төменги бөлегинде көк реңде 100000 саны,«BIR YUZ MING SO‘M» жазыўы ҳәм  олардың астында «O‘ZBEKISTON SO‘MINI QALBAKILASHTIRISH QONUNGA MUVOFIQ TA’QIB QILINADI» тексти жайласқан. Бул көринислер де банкноттың жоқарғы бөлегиниң оң мүйешиндеги 100000 саны металлограф баспа усылында (доңкилиги сезилетуғын) исленген. Банкноттың оң тәрепинде ярым шеңбер квадрант астрономиялық үскене сәўлеленген.

Банкнот орайында Өзбекстан Республикасы картасының шегарасы сәўлеленген болып, онда уллы илимпаз Мирза Улығбек өзиниң илимий жумысын алып барған Самарқанд қаласының жайласқан орны белгиленген. Картаның фоны үзликсиз тәризде қайталаныўшы «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI» микротексти менен толықтырылған.

Айланысқа шығарылып атырған баҳасы 100000 сум болған пул белгиси, ҳәзирги ўақытта айланыста болған пул белгилери ҳәм тийинлар менен бир қатарда, барлық ҳожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен өз баҳасы бойынша барлық түрдеги төлемлер ушын ҳеш қандай шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.

ӨзА