Бухара инженерлик-технология институты докторанты Мадинабану Муҳаммедова қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын арнаўлы аяқ-кийим жаратты. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.

– Бул аяқ-кийим аяққа түсетуғын басымды кемейтеди, табандағы қан айланысын жақсылайды, – дейди қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын рационаллық аяқ-кийим конструкциясы ҳәм технологиясын жаратыў бойынша илимий излениўлер жүргизип атырған М.Муҳаммедова. – Биз бир топар наўқасларға усы аяқ-кийимди усыныс ете отырып, тәжирийбе-сынақ жумысларын алып бардық. Олардың аяғындағы аўырыўлар бир айдың ишинде емленди.

Бухарада болып өткен «Қыс-2019» көргизбесинде болажақ илимпаздың излениўлери көпшиликтиң итибарын өзине тартты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги