Өзбекстанда мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасы 2021-жылдан баслап басқышпа-басқыш енгизиледи. Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң «2019-жылы нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында келтирилген, деп жазады Kun.uz.

Бағдарламаға муўапық, «Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылады. Нызам жойбарында төмендегилер нәзерде тутылады:

– 2021-жылдан баслап мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў;

– Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасына басқышпа-басқыш өтиў бойынша нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў;

– Денсаўлықты сақлаў бойынша ажыратылып атырған қаржыларды топлаў ҳәм бөлистириў механизмлерин жетилистириў;

– «ҳәр бир толық емленген жағдай» есабынан келип шығып, қаржыландырыў механизмлерин енгизиў;

– медициналық қамсызландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерди кеңнен тартыў.

Нызам жойбарын ислеп шығыў бойынша жуўапкер атқарыўшылар – Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы.

Министрлер Кабинетине усыныў мүддети – 2019-жыл 1-июль, Нызамшылық палатасына киргизиўдиң мүддети – 2019-жыл 1-август етип белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги