Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-ноябрь күни ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Тәжикстан Республикасы Бас Министри Қоҳир Расулзода, Қазақстан Республикасы Бас министри Бакитжан Сагинтаев, Беларусь Республикасы Бас министри Андрей Кобяков ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмурат Оразгелдиев пенен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода менен ушырасыўда конструктивлик ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екени туўралы сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекистан менен Тәжикстан арасындағы дәстүрий жақын дослық қатнасықларын беккемлеўге қаратылған анық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ҳүкиметлераралық комиссияның потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Қазақстан Бас министри Бакитжан Сагинтаев пенен ушырасыўда жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер менен қол қойылған ҳүжжетлерди избе-из әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Саўда, инвестиция, энергетика, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Еки мәмлекет аймақлары арасындағы ҳәм исбилермен топарлар дәрежесиндеги жақын байланысларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.

Беларусь Бас министри Андрей Кобяков пенен ушырасыўда Өзбекистан – Беларусь қатнасықлары раўажланыўындағы унамлы көрсеткиш қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қысқа ўақыт ишинде машина қурылысы саласы, агросанаат комплекси, азық-аўқат, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылды.

Тәреплер бирге ислесиўдиң бар салмақлы потенциалын, бәринен бурын, экономиканың реал секторындағы кооперация имканиятларын толық иске қосыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Эсенмурат Оразгелдиев пенен ушырасыў ўақтында Түркменстанға жоқары дәрежедеги сапар етиўлер менен мәмлекет басшыларының турақлы сөйлесиўлери Өзбекистан – Түркменстан қатнасықларын стратегиялық шериклик басқышына көтергени атап өтилди.

Өзбекистан менен Түркменстан арасындағы саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникация салаларындағы бирге ислесиў, санаат ҳәм аўыл хожалығындағы кооперацияны раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

Тәжикстан, Қазақстан, Беларусь, ҳәм Түркменстан ҳүкиметлери басшылары Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм өз мәмлекетлери басшыларының жақсы тилеклерин жеткерди.

ӨзА