БМШ мағлыўматына бола, 1950-жыл БМШ дүзилгенинен 5 жыл өтип, дүнья халқының саны 2,6 миллиард адамды қураған болса, 1987-жылға келип бул көрсеткиш 5 миллиардты, 2011-жылға келип 7 миллиардты қураған. 2017-жылға келип болса дүнья халқының саны 7,5 миллиардқа жеткен.

Қәнигелердиң бақлаўына бола, дүнья халқының санының өсип барыўы барлық континентлерде бирдей атап өтилмеген. Ҳәзирги күнде континентлердеги халық санының өсиўинде тарийхый өзгерислер бақланбақта.

Атап айтқанда, прогнозларға бола, 2050-жылға шекем Африка еллеринде халықтың саны жоқары көрсеткишлер менен өсиўи күтилмекте. Дүнья мәмлекетлери менен салыстырғанда 2010-2015-жылларда континент халқының саны жылына 2,55 проценттен асып баратқаны бақланған. Соңғы жылларда аймақтың экономикалық-социаллық раўажланыўының турақласыўы халықтың санының артып барыўына түртки болмақта.

Халық санының артып барыўы көрсеткиши бойынша Азия еллери екинши орынды ийелемекте. Қәнигелердиң прогнозына бола, дүнья халқының 60 процентин қурайтуғын Азия мәмлекетлериниң халқы 2050-жылға келип 9 миллиардқа жетиўи күтилмекте.

Соның менен бирге бақлаўлар нәтийжесинде Европа континентиндеги бир қатар мәмлекетлерде, сондай-ақ, Болгария, Босния ҳәм Герцоговина, Венгрия, Латвия, Литва сыяқлы мәмлекетлерде халық санының сезилерли дәрежеде азайыўы атап өтилген.

Сондай-ақ, халық санының көплиги жағынан дүнья көлеминде жыллар даўамында жетекшилик етип киятырған Японияда 2050-жылға шекем халық саны 15 процентке қысқарыўы күтилмекте.

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА