Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июньде «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң  2018-жыл 30-июньде 415-санлы қарары қабыл етилип, бул қарар менен жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы, «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша аймақларға бириктирилген республикалық жумысшы топарын шөлкемлестириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы штаб қурамы тастыйықланды.

Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша турақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

– Қала ҳәм районлардағы жәми 410 мәҳәлледе үйме-үй жүриў арқалы жаслардың жәмийетлик белсендилиги ҳәм турмыс шараяларын «диагнозлаў» арқалы жаслар паспортын қәлиплестириў жумыслары алып барылды.  310 289 шаңараққа кирип,  481 928 жас пенен сәўбетлесиў өткерген ҳалда анкеталар толтырылды. Нәтийжеде жумысшы топар тәрепинен жасларға байланыслы 22,2 мың машқала барлығы анықланып, соннан  8,4 мың машқала сол жердиң өзинде шешилип, қалған 138  ин шешиў бойынша район ҳәм қала кесиминде «Жол қарта»лары ислеп шығылды, – дейди «Жаслар келешегимиз» қоры Нөкис филиалының қәнигеси Ильяс Кәримов. – Сондай-ақ, жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 640 бос турған имарат  ҳәм жер участкалары анықланып, соннан  6 бос турған имарат ажыратылып берилди. Соның ишинде, Қараөзек районы «Есим» МПЖ аймағында жайласқан қазанхана имараты жас исбилермен Нурлан Базаровқа ижара төлемисиз «0» баланста, Тахтакөпир районы «Қараой» АПЖ да жайласқан имараттан үш бөлмели  бос турған имарат жас исбилермен Гүлсим Утемисоваға ижара төлемисиз ажыратылып берилди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик –  жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында барлық район ҳәм қалаларда жәми  29 «Жаслар мийнет гүзар»лары, жаслардың исбилерменлик  жумысларына жәрдемлесиў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм Хожели районында «Жас исбилерменлер» коворкинг орайларын  шөлкемлестириў белгилеп алынды.

2019-жылы Қарақалпақстан Республикасында Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде  550 жастың бизнес басламалары, стартаплары, идеялары ҳәм жойбарларына 150 млрд. 420 млн. 600 мың сум ажыратыў режелестирилген. Нәтийжеде жыл жуўмағына шекем 3623 ке шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде өткерилген сәўбетлесиў нәтийжесинде тийисли көнликпелерге ийе бәнт болмаған 2382 жаслар жасайтуғын үй хожалықлары ушын қусшылық ҳәм қоян баласы, майда ҳәм ири қара маллар сатып алыў ушын, олардың баҳасын келисилген мүддетлерде  қайтарған ҳалда оларды бағыў ҳәм кейин ала  реализациялаў мақсетинде үй ҳайўанларын сорап мүрәжат еткен.

Ҳәр бир фермерге жумыс пенен бәнт болмаған бир жасты бириктирген ҳалда  ғәлледен босаған жерлер есабынан тәкирарый егин ушын қубла районларда 1 гектар, басқа районларда  5 гектарға шекемги жер майданларын ажыратыў  белгиленген. Бүгинги күнде  1510 жасқа  1577 гектар жер майданлары ажыратылды.

Мағлыўмат ушын, «Жаслар келешегимиз» қорының қалалық ҳәм районлық филиалларының барлығы Қарақалпақстан Республикасы Әдилик министрлигинен дизимнен өткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги