Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, сатыўшылардың қарыйдарларға сатқан сапасыз өнимлерин қайтарып алыўдан бас тартыўы, олар тәрепинен жол қойылыўы мүмкин болған тийкарғы нызамбузыўшылықлардың бири болып келмекте.

Жақында, Қоңырат районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине «Мийнетабат» АПЖда жасайтуғын пуқара А.Сагипова жазба түрде мүрәжат еткен. Ол өз арзасында, жеке тәртиптеги исбилерменге қараслы дүканнан 1 миллион 100 мың сумға балалар ушын арналған манеж (жүре баслаған балалар ушын кишкене қоршаўша) сатып алғанлығын, бирақ оны қурып атырған ўақтында насаз екени анықланғанын, дүканға қайтарып алып барғанында, сатыўшы оны алмастырып бериўден бас тартқанын көрсетип өткен.

Мүрәжат жәмийет тәрепинен үйренип шығылып, сапасыз манеждиң ақшасы тутыныўшыға қайтарып алып берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.